Институттың ашылғанына 75-жыл толыў мүнәсебети менен
«Пединстититут -75жыл» атамасында китап жызылып болынды.
Усы китаптың электрон версиясы cайтымызға қойылды. Китапты оқып көрип, егер кимде қандай
пикирлер пайда болса төмендеги мәнзиллерге мүражат етиўиңизге болады.
Факультетти питкерген
көплеген адамлар республикамыздың жәмийетлик өмириниң, экономикасы менен
мәдениятының, илиминиң, әдебиятының үлкен ғайраткерлери болды. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақсатн
халық шайыры
Өзбекстан қаҳарманы И.Юсупов,
Қарақалпақстан халық шайыр ҳәм
жазыўшылары Х.Сейтов, Б.Қайыпназаров, Т.Қабулов,
И.Қурбанбаев, А.Әлиев, Т.Сейтжанов, Ә.Тажимуратов, белгили жазыўшы-шайырлардан
О.Хожаниязов, Х.Турымбетов, М.Сейтниязов, К.Рахманов, Ә.Атажанов, К.Каримов,
Х.Дәўлетназаров, белгили филолог алымлардан С.Ахметов, Д.Насыров,
Ә.Пахратдинов, Ю.Пахратдинов, Қ.Султанов, Қ.Камалов, А.Ниязов, А.Дәўлетов,
М.Дәўлетов, С.Баҳадырова, Е.Даўенов, Б.Исмайлов, А.Каримов, Т.Мәмбетниязов,
Қ.Байниязов, А.Насруллаев, С.Ниетуллаев, Қ.Пирниязов, мийнет қаҳарманы
Б.Қурбанов, белгили муғаллим К.Хожаназаров, Өзбекстан халық муғаллими
Р.Уснатдинова, белгили журналистлерден К.Ережепов, А.Халмуратов, И.Қосназаровлар
факультет мақтанышлары. Ғәрезсизлик пүткил Өзбекстан,
Қарақалпақстан халықларына бийбаҳа еркинлик ҳәм үлкен руўхый күш инам
еткениндей, Институтымыз бенен факультетимиздиң де буннан былайда гүлленип
раўажланыўына да күшли тәсирин тийгизди. Ғәрезсизликтиң шарапаты менен усы
институт қурамынан 1991-жылы Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факультети дүньяда
усы атамадағы бирден-бир факультет болып қайта дүзилди. Себеби, 1991-жылғы
апрельдеги Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң миллетлер аралық
қатнас
бойынша комитетиниң
есабы бойынша республикамызда 400 ден аслам
Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты муғаллими жетиспейтугын еди. Оның үстине, Қарақалпақ
тилине мәмлекетлик статус берилиўине байланыслы күн тәртибинде орта
мектеплерде, кәсип-техникалық учелищелер менен техникумларда, жоқары оқыў
орынларында класслар менен группаларды қарақалпак тилинен екиге бөлип оқытыў
ўазыйпасы тур еди. Республикамызда Қарақалпақ тилде оқытылатуғын мектеплерде
жоқары оқыў орынларының Қарақалпақ тили ҳәм
әдебияты
факультетинен басқа
факультетлерде Қарақалпақ тилин оқытыў ўазыйпасы күн тәртибинде турған еди. Қарақалпақстан
республикасының руўхый турмысында усындай мүтәжликтиң болып турған дәўиринде
педагогикалық инстиутта Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факультетиниң ашылыўы
зәрүрли жағдай еди. Оның үстине, буған дейин факультет өз атамасы менен
аталмай, басқа факультетлердиң қурамында тек қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бөлими
сыпатында ғана өмир сүрип, бул бөлимниң еки курс топары тийкарында ашылған
Қарақалпак филологиясы кафедрасын сол ўақытлардағы филология илимлериниң
кандидаты,доцент Қ.Камалов басқарып келди. Кафедрада филология илимлериниң
докторы О.Доспанов, филология илимлериниң кандидатлары Ж.Нарымбетов
Г.Есемуратов, Ә.Аймурзаева иследи. Факультет ашылған 1991-жылда оның қурамына
тарийх-география қәнигелиги де бириктирилди. Солай етип, факультет сол жылы жәми
129 талаба, үш кафедраға тийисли профессор-оқытыўшылар менен өз искерлигин
баслады. Факультетке филология илимлериниң докторы, профессор, Өзбекстанға
мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери Қ.Камалов
декан ўазыйпасына таярланды. Факультеттиң
қурамынан
Қарақалпақ тили, Қарақалпақ
әдебияты,
тарийх-география кафедралары
шөлкемлестирилди. Сол ўақытлары факультет қарақалпақ класслары ушын қарақалпрақ
тили ҳәм әдебияты, тарийх-география, англичан тили, қарақалпақ тили-әдебияты
ҳәм
әдептаныў қәнигеликлери бойынша
оқытыўшы қәнигелер таярлап барды.
Факультетте
тәлим-тәрбия, илим-изертлеў ислери жақсы жолға қойылды. Қарақалпақ тили ҳәм
қарақалпақ әдебияты, Қарақалпақстан тарийхы бойынша негизги бағдарламалар
факультеттеги кафедра ағзаларының күши менен исленип шығылды. О.Доспановтың
қарақалпақ тилиниң диалектологиясы бойынша Қ.Камаловтың XXәсирдеги қарақалпақ әдебиятының тарийхы бойынша А.Нажимовтың
қарақалпақ тилиниң синтаксиси бойынша, К.Алламбергеновтың қарақалпақ фольклоры ҳәм
ерте дәўирлердеги Қарақалпақ әдебияты тарийхы бойынша жумыс алып барды.
Факультетте бул жылларда
филология илимлериниң докторлары Қ.Камалов, О.Доспанов, С.Баҳадырова, профессорлардан
Ж.Нарымбетов, А.Нәжимов, илим кандидатлары ҳәм доцентлери К.Алламбергеновлер
алып барды. Факультетте Қарақалпақ филологиясының ветеранлары доцент А.Есемуратов
атындағы Қарақалпақ тили кабинети, профессор Қ.Айымбетов атындағы «Қарақалпақ
фольклоры ҳәм қарақалпақ тилиниң диалектологиясы», география,тарийх кабинетлери
шөлкемлестирилди.
1992-жылдан баслап
факультет кафедраларының қасында қарақалпақ тили, қарақалпақ әдебияты,
Қарақалпақстан тарийхы бойынша аспирантура ашылды. Усы аспирантураға кирип оқығанлардан
С.Қазақбаев, Ҳ.Жақсимова, И.Дильманов, Ә.Оразымбетов, Г.Патуллаева,
Д.Сейдуллаева, Б.Қурбанбаева, Э.Ешниязова, С.Шынназарова, Н.Турабаева,
Б.Юсуповалар диссертациялар жақлап, филология илимлериниң кандидатлары илимий
дәрежесин ийелеўге еристи.
XX
әсирдиң 90-жылларының екинши ярымына келип факультетте илимий потенциал асты, Қ.Камалов
«Қарақалпақ әдебиятында көркем методтың эволюциясы», К. Алламбергенов «Қарақалпақ
қаҳарманлық дәстаны-«Едиге» (Генезиси. Жанрлық белгилери. Миллий версиялар
типологиясы ҳәм поэтикасы) атамасындағы докторлық диссертациясын жақлады. Ал, тил
билими тараўы бойынша О. Сайымбетовқа филология илимлериниң кандидаты илимий дәрежеси
берилди.
2001-2004-жыллар аралығында
факультетке филология илимлериниң докторы, профессор К. Алламбергенов басшылық
етти. Факультетте ҳәм Республика масштабында студентлер арасында өткерилетуғын
дәстүрий пән олимпиадаларында студентлеримиз айтарлықтай табысларды қолға
киргизди. 2001-2004-оқыў жылында Төребай Ешимбетов Өзбекстан көлеминдеги
өткерилген пән олимпиадасында биринши орынды қолға киргизди.
2004-2006-жыллар аралығында филология
илимлериниң кандидаты, доцент Ибрайым Утеўлиев факультет деканы болып иследи. Ал,
зийрек студентимиз Жәмийла Ибрайымова Өзбекстан көлеминдеги өткерилген пән
олимпиадасында биринши орынды жеңип алды.
2006-2009-жылларда
филология илимлериниң кандидаты, доцент О. Сайымбетов факултьет деканы ўазыйпасын
атқарды. Факультетте ҳәзирги күнде 427 студент тәлим алып, олардың арасындағы
жетик студентлерден Қурбаназарова Гөззал Өзбекстан көлеминде өткерилген
«Келажак овози» конкурсының жеңимпазы дипломын қолға киргизди.
Факультетте зийрек талабалар топарынан
дүзилген «Жас тилши», «Зийўар» атамаларындағы илимий-әдебий дөгереклер жобалы
жумыслар алып бармақта.
Ҳәзирги ўақытта
факультет қурамында еки кафедра болып, «Қарақалпақ тил билими» кафедрасын
ф.и.д., проф.О.Доспанов, «Қарақалпақ әдебияты» кафедрасын ф.и.к. Б.Давлетов
басқарып келмекте.
Тил билими кафедрасында
1 илим докторы, 13 илим кандидаты, Қарақалпақ әдебияты кафедрасында 2 илим
докторы, 7 илим кандидатлары бар.
2000-2010-жыллар
аралығында кафедраларда алып барылып атырған
илимий-изертлеў жумыслары бойынша факультет
профессор-оқытыўшылары тәрепинен 12 монография, 10 оқыўлық, 40 тан аслам оқыў
ҳәм методикалық қолланбалар шығарылды.
Қарақалпақ тил билими кафедрасы
Бул кафедра 1936-1938-жылға
дейин басқа да түркий,славян филологиялары кафедралары менен бириктирилип, сол
қәнигеликлер менен бир кафедра болып өмир сүрип келген. 1938-жылдан баслап
Қарақалпақ филологиясы бул қәнигеликлердиң қурамынан бөлинип шығып, Қарақалпақ
тили ҳәм әдебияты кафедрасы деген арнаўлы атама менен атала баслаған.
Мине, Қарақалпақ тил билими кафедрасы усы дәўирлерден баслап
1964-жылға шекем Қарақалпақ әдебияты кафедрасы менен бирликте жоқарыдағы атамада
аталып келди.
Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты
кафедрасының биринши шөлкемлестириўшиси ҳәм басшылары болып Н.Дәўқараев, А.Қыдырбаев,
Г.Убайдуллаев, Д.С.Насыров, К.Бердимуратов, соңын ала Т.Бегжанов, А.Есемуратов,
А.Дәўлетов, А.Нажимов, А.Бекбергеновлар иследи. Оны 1998-жылдан проф.
О.Доспанов басқарады. 1994-жылдан баслап кафедра
«Қарақалпақ тил билими» кафедрасы деп өзгертилип,
оған 2005-жылдың январынан факультетлер аралық қарақалпақ тили кафедрасы
бириктирилди. Кафедрада ислейтуғын профессор–оқытыўшылардың гейпаралары улыўма
билим беретуғын мектеп оқыўшылары менен орта арнаўлы ҳәм жоқары орынларының студентлерине
арналған
сабақлықлар, оқыў қолланбаларын
дүзиўге қатнасады. Қарақалпақ тил билими
кафедрасында «Қарақалпақ лексикологиясының әҳмийетли мәселелери», «Синтаксистиң
модальлық мәни аңлатыў өзгешеликлери», «Қарақалпақ тилиндеги фразеологизмлер» т.б.
бойынша изертлеў ислери алып барылды.
2002-2003-оқыў жылынан «Қарақалпақ
тили» қәнигелигинен магистратура ашылды. Магистратура бөлиминде
республикамыздың
талантлы жигит-қызлары
менен қатар гейпара сырт еллик
жаслар да
тәлим-тәрбия
алғанлығын айтыў орынлы. Мәселен, 2006-жылдан кейин Қубла Кореядан
келген жас талант Рю Ёнг Мин НМПИ
магистратурасының қарақалпақ тили қәнигелигинде оқып, оны 2009-жылы
тамамлады.
Кафедрада ҳәзир 19 оқытыўшы
бар, солардан 1 илим
докторы, профессор,
13
филология
илимлериниң кандидаты илимий дәрежеси ҳәм
атақларға ийе. Олардан 1 профессор Қарақалпақстан республикасына мийнети сиңген
илим ғайраткери.
Кафедраның оқыў жобасына
сәйкес ҳәр жылы жаз айларында
факультетиниң 1-курс студентлери республикамыздың районлары ҳәм аўылларында
жасайтуғын қарақалпақлардың аўызеки сөйлеў
тилиндеги гейпара өзгешеликлер, фольклорлық материалларды
үйрениў ҳәм жазып алыў, оны соңынан курс,
питкериў қәнигелик ислери, илимий жумысларда
пайдаланыў мақсетинде диалектологиялық ҳәм фольклорлық
әмелиятқа барып, алған теориялық
билимлерин
әмелиятта сынап көреди. Мысалы, 2009-жылдың
июль айында бирқанша студентлеримиз оқытыўшылар
С.Шынназарова, З.Сәтбаева ҳәм излениўши А.Пирекеевалардың басшылығында Наўайы
ўәлаяты Кенимех районында жасайтуғын
қарақалпақлар
арасында болып, бирқанша диалектологиялық ҳәм
фольклорлық материаллар жыйнады, оған қатнасыўшы гейпара студентлер
республикалық илимий-әмелий әнжуманларда, баспа сөзде өз мақалаларын жәриялады.
Кафедра профессор-оқытыўшылары
тәрепинен
соңғы 7 жылда
(2003-2009-ж.) 2 монография, 6 оқыў қолланбасы,
19 методикалық қолланбалар таярланды.
Қарақалпақ әдебияты кафедрасы
Қарақалпақ әдебияты
кафедрасы 1934-жылы педагогикалық институт ашылғаннан баслап дәслепки
шөлкемлестирилген кафедралардан есапланады. Ол дәслеп жоқарыда айтып
өткенимиздей Қарақалпақ тил билими кафедрасы менен биргеликте Қарақалпақ тили
ҳәм әдебияты кафедрасы аталып, оны ең дәслеп белгили әдебиятшы илимпаз
Н.Дәўқараев басқарған.
1964-жылы бул кафедра
Қарақалпақ тили ҳәм Қарақалпақ әдебияты болып екиге бөлинип, Қарақалпақ
әдебияты кафедрасына ф.и.д., профессор Қ.Айымбетов басшылық етеди.
1974-76-жылларда доцентлер К.Мәмбетов, Ж.Нарымбетовлар кафедра баслығы болып
ислеген.
1990-жылы
Нөкис
мәмлекетлик педагогикалық институты қайта ашылғанда, Қарақалпақ әдебияты
кафедрасын ф.и.д.,профессор Қ.Камалов басқарды. Ал, 1991-1998-жыллар аралығында
болса филология илимлериниң докторы, профессор К.Алламбергенов кафедра баслығы
лаўазымында иследи. Бул жыллардағы және бир ири баслы жумыс-кафедра да
оқытылатуғын көпшилик пәнлердиң үлгили оқыў бағдарламасы менен тәмийинлениўи.
Атап айтсақ, «Қарақалпақ фольклоры» (Қ.Мақсетов, К.Алламбергенов), «Ерте
дәўирдеги қарақалпақ әдебияты» (К.Алламбергенов, Ә.Пахратдинов), «XVIII-XIX-әсир
Қарақалпақ әдебияты» (Ә.Пахратдинов, К.Алламбергенов, Ш.Аяпов), «XX
әсир Қарақалпақ әдебияты» (К.Алламбергенов, М.Бекбергенова), «Әдебияттаныў
тийкарлары» (К.Камалов, К.Алламбергенов, М.Бекбергенова, Қ.Мәмбетов),
«Қарақалпақ әдебиятын оқытыў методикасы» (Ә.Пахратдинов, К.Алламбергенов,
С.Қазақбаев), «Балалар әдебияты» (К.Алламбергенов), «Көркем оқыў» (К.Камалов,
С.Қазақбаев) пәнлери бойынша үлгили оқыў бағдарламалары дүзилди ҳәм «Билим»
баспасында жәрияланды. Сондай-ақ бул жылларда кафедра профессор-оқытыўшыларынан
проф.К.Камаловтың орта мектептиң XI классаларына арналган
«Қарақалпақ әдебияты» сабақлығы менен «Кәрўан басы», «Дала бүркити», «Әўелемен-дүўелемен»
атамаларындағы оқыў қолланбалары ҳәм методикалық көрсетпелерди,
проф.К.Алламбергеновтың «Қарақалпақ халық дәстаны «Едиге» монографиясы менен «Қарақалпақ
әдебияты» хрестоматия-оқыў қолланбалары да баспалардан бастырылып
шығарылды.
Ҳәзирги күнде Қарақалпақ
әдебияты кафедрасын 2006-жылдың екинши ярымынан
баслап ф.и.к., доцент Б.Давлетов басқарып
келмекте. Бүгинги күнде кафедрада 14 профессор-оқытыўшы болып, солардан 2 илим
докторы ҳәм профессорлар (Ә.Пахратдинов, К.Алламбергенов), 7 илим кандидаты ҳәм
доцентлер (М.Бекбергенова, Б.Давлетов, Д.Пахратдинов, И.Утеўлиев, С.Қазақбаев,
Э.Ешниязова, С.Баўетдинова) ислейди. Олар илимий изертлеў жумысларын алып барыў
менен бирликте студентлердиң оқыў, илимий, руўхыйлық жумысларына да басшылық
етип келмекте.
Кафедра Низамий атындағы
ТМПУ, Бердақ атындағы ҚМУ, ӨзРИАҚҚБ. Н.Дәўқараев атындағы Тил ҳәм әдебияты
институты илимпазлары менен биргеликте илимий изертлеў жумысларын алып
бармақта. Кафедрада ислеўши илимпазлар тәрепинен қарақалпақ фольклоры ҳәм
әдебияты бойынша үлкен жумыслар исленип атыр. Атап айтсақ, өткен 5 жыл ишинде
проф.Ә.Пахратдиновтың «Ғәрезсизлик сабақлары», «Жаңа педтехнология», «Бердақ
шайыр дөретиўшилигиниң гейпара мәселелери», «Бердақ таныў курсы», «Қарақалпақ
әдебиятын оқытыў методикасы», «Бердақтың көркемлик дүньясы», «Абаз шайырдың
көркемлик дүньясы», проф.К.Алламбергеновтың «60-80-жыллардағы қарақалпақ
әдебияты», «ХХ әсир қарақалпақ әдебияты», «Ҳәзирги әдебий жөнелис»,
«Ғәрезсизлик дәўири қарақалпақ әдебияты», «Миллий мафкура ҳәм қарақалпақ
фольклоры», «Мәнги булақ», «Кең дүьняға қушақ ашқан жазыўшы»,
доц.М.Бекбергенованың «Қарақалпақ әдебиятында дәстүр, мийраслылық ҳәм көркем
аўдарманың гейпара мәселелери», «Сырт ел әдебияты», «Көркем аўдарма
мәселелери», доц.И.Утеўлиевтиң «XIX әсирдеги қарақалпақ
әдебиятының миллий өзгешелиги» ҳ.т.б. атамалардағы сабақлық оқыў қолланбалары
баспа көрди. Булардың ишинде 2007-жылы «Билим» баспасынан
кафедра ағзалары Ә.Пахратдинов,
К.Алламбергенов, М.Бекбергеновалар тәрепинен Академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер
колледжлери ушын «ХХ әсир қарақалпақ әдебияты» сабақлығының (15 б.т.) шығыўы
айрықша ўақыя болды. 2009-жылы усы авторлар тәрепинен жазып питкерилген Жоқары
оқыў орынлары ушын 36 б.т. көлеминде «ХХ әсир қарақалпақ әдебияты» сабақлығына
ЖОАБМның баспадан шығарыў бойынша 091-санлы гуўалығы берилди.
Пединститутта қарақалпақ
әдебияты бойынша аспирантура болып бүгинге шекем оны 15 ке шамалас излениўши
оқып тамамлады. Ал, 2002-2003-оқыў жылдан баслап кафедрада «Қарақалпақ
әдебияты» қәнигелигинен магистратура өз искерлигин алып бармақта.
ФИЛОЛОГИЯ ФАКУЛЬТЕТИ
1990 жыл сентябрь айында Әжинияз атындағы
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында филология факультети ашылды.
Факультет дүзилген күннен баслап оның деканы ўазыйпасына ф.и.к. доцент
Е.Мергенбаев белгиленип, ол 1992-жылға шекем басшылық етти. 1992-2001жыллары факультетке ф.и.д.
К.Қурамбаев, 2001-жылдан 2005-жылға шекем ф.и.к. А.Мадаминов басшылық етти.
2005-жылы февраль айынан
усы күнге шекем
ф.и.к. доцент К.Ташанов факультет деканы лаўазымында ислеп келмекте.
Өзиниң
көп жыллық дәстүри менен тарийхый жолына ийе болған филология факультетиниң
оқыў, илимий, илимий-методикалық ҳәм тәрбиялық жумыслары барған сайын өсип
барды. Әсиресе, Ғәрезсизлик жылларында билимлендириў тараўында әмелге асырылып
атырған реформалар нәтийжесинде тәлимдеги жаңалықлар өз жемисин бере баслады.
Жыл-жылдан оқыў, илимий ҳәм тәлим-тарбия жумыслары жеделлести. Факультетте
мийнет етип атырған профессор-оқытыўшылар илим-пән тараўында ири проблемаларды
шешип барды. Атап айтқанда, бул жылларда мийнет еткен ҳәм ҳәзирги дәўирде
мийнет етип атырған белгили устазлар М.Бўранов, Ж.Қайырбаев,
Қ.Жумажанов, Ю.Ибрагимов, К.Қурамбаев, Е.Мергенбаев,
Б.Бекетов, Е.Хўжаниязов, Г. Қурбаниязов, Қ.Аралбаев,
К.Амиралиев, К.Ҳамидуллаев, А.Мадаминов ҳәм К.Ташановлар менен
факультет жәмәәти мәқтаныш етеди. Жоқарыда аты аталған илимпазлар кафедралар
ушын илимий-педагогикалық кадрлар таярлаўға да үлкен үлес қосып киятыр. Олардың
тынымсыз мийнети арқасында илимий монографиялар, жоқары оқыў орынлары, академик
лицей ҳәм колледжлер, сондай-ақ, мектеплер ушын сабақлықлар, оқыў қолланбалары
жазып шығарылды. Факультет талабалары илимий жумысларға да белсендилик пенен
қатнасып, ҳәр жылы институтда өткерилип киятырған илимий-теориялық әнжүманларда
баянатлар жасайды. Сондай-ақ, талабалар билимин жәнеде жетилистириў, олардың
жаңалық ойлап табыў, рационализаторлығын қоллап-қуўатлаў, талантын жүзеге
шығарыў мақсетинде факультетте «Жас тилшунас», «Ниҳол» ҳәмде «Т.Айбергенов»
сияқлы илимий-әдебий дөгереклер ислеп тур.
Бүгинги
күнде факультетте өзбек тили ҳәм әдебияты, қазақ тили ҳәм әдебияты бакалавр
тәлим бағдарлары болып, факультет қурамында Өзбек тил билими, Өзбек
әдебияты,
Қазақ
тили ҳәм әдебияты кафедралары бар.
Өзбек тил билими,
өзбек
әдебияты
кафедралары
1990-1992 жылларда кафедраны ф.и.к.
М.Бўранов, 1992-1993 жылларда ф.и.к. Ю.Ибрагимов басқарды.
1993 жылы Өзбек тили ҳәм әдебияты
кафедрасы негизинде Өзбек тил билими ҳәм Өзбек әдебияты кафедралары дүзилди.
1998 жылға шекем Өзбек тили билими кафедрасына доц. Ю.Ибрагимов, Өзбек әдебияты
кафедрасына ф.и.к. К.Ташанов басшылық етти.
1998 жылы Өзбек тил билими
кафедрасынан Факультетлер аралық өзбек тили кафедрасы ажыралып шықты, оған
ф.и.к. Г.Қурбаниязов баслық етип тайынланды. Өзбек тил билими ҳәм Өзбек
әдебияты кафедралары Өзбек тили ҳәм әдебияты аты менен бирлескен дәўирде
кафедраны доц. К.Ташанов басқарған еди. Соң, яғный 2005-2007 жылларда кафедраны
ф.и.к.А.Мадаминов
басқарған болса, 2007-2008 жылларда ф.и.к. С.Матякупов басшы болды.
2008-жылы октябрь айынан баслап,
Өзбек тили ҳәм әдебияты кафедрасы өз алдына еки кафедраға бөлинип, Өзбек тил
билими кафедрасына п.и.к. Ш.Юлдашева, Өзбек әдебияты кафедрасына ф.и.к.
С.Матякупов баслық етип тайынланды.
Өзбек тил билими кафедрасында ф.и.д. проф.
Ю.Ибрагимов, ф.и.к., доц. Е.Хўжаниязов, ф.и.к., доц. Г.Қурбаниязов, п.и.к.
Ш.Бўранова, үлкен оқытыўшы С.Жалилов, ассистентлерден: Х.Худайбергенов,
Қ.Худаяров, Д.Кабулова, И.Давлатмуратов, П.Уразбаев, О.Султанова, Г.Досжанова,
У.Ибрагимова, С.Атиязов, Ф.Сапаева, Р.Реймов, О.Ешимбетовлар өзлериниң бар
билимин, педагогикалық тәжирийбесин жасларымызды билимли етип таярлаўға
қаратпақта. Өзбек әдебияты кафедрасы қурамында болса, ф.и.д., профессор
К.Қурамбаев, ф.и.к., доц. К.Ташанов, ф.и.к., доц. И.Дильманов, ф.и.к.
Г.Қурамбаева, ассистентлер: Ш.Алдашева, Г.Пашиева, С.Бекчанова, Ё.Мадраимова,
Н.Алламбергенова, Х.Алламбергеновлар илимий-теориялық билимлерин ҳәр тәреплеме
жетилистирип, жас кадрлар таярлаўда үлкен табысларға ерисип келмекте. Өзбек
тили ҳәм әдебияты бөлими талабалары
бир нешежыллардан
берли республикалық пән
олимпиадалары, ҳәр қыйлы көрик-таңлаўларда белсене
қатнасып, сыйлықлыорынларды ийелеп
келмекте.
Қоқан
қаласында өткерилген республикалық талабалар
олимпиядаларында 1994 жылы
Ш.Юлдашева, 1995 жылы Н.Ғаффаровалар
өзбек тили ҳәмәдебиятыпәниненбиринши
орынды ийеледи. 1998 жылыөткерилген
«Оила муқаддас» темасындағы республикалық
көрик-таңлаўында жас шайыра Г.Бегжанова сыйлықлы
екинши орынды ийеледи. Сондай-ақ, өзбек
тили ҳәм әдебияты
бөлими талабасы Романова
Шахло 2006 жылы Жиззах ўәлаятында
«Биз Президент фарзандларимиз» ураны астындаөткерилген
«Зомин» семинарында қатнасып,
жеңимпаз болды.Бекчанова Мунира болса
2006 жылы институт көлеминде өткерилген “Ең
зийрек талаба” конкурсында I-орындыийеледи.
2008 жылы М.Қутлимуратова «Келажак овози» республикалық
көрик-таңлаўының «Бадиий ижод ва
публицистика» бағдары бойынша
Өзбекстан Республикасыкөлеминде
жеңимпаз деп табылды.
Ғәрезсизлик
жылларында кафедралар профессор-оқытыўшылары жаңа дәўир талабына тийкарланған
тил билими ҳәм әдебияттаныў бойынша бир қанша монографиялар, оқыў ҳәм оқыў
методикалық
қолланбалар жаратты. Атап
айтқанда, «Өзбек тил билими» кафедрасы профессор-оқытыўшылары: С.Жалилов
«Қарақалпақша-өзбекше сөйлесиў сөзлиги» (2006) Ш.Юлдашева «Давлат тили
таълимининг лингводидактик
асослари»
(2007), «Академик лицейларда давлат тилини ўқитиш» (2007), Д.Қабулова «Ўзбек
тили»
пәнинен темалар топламы (2009),
О.Султанова «5-7-синф ўзбек тили дарсларида грамматик материалларни ўрганиш»
(2009) сыяқлы оқыў қолланбаларын жазып, бүгинги күнде олар оқыў процессинде кең
қолланылмақта.
Сондай-ақ, «Өзбек
әдебияты» кафедрасы профессор-оқытыўшылары: К.Қурамбаев «Кеўил-кеўилден суў
ишер» (1991) «Кўнгил бермиш сўзимга» (1992), «Взаимное обогащение
и взаимовлияние литератур» (1993), «Ғафур Ғулом ва адабий алоқалар» (2006),
«Адабий таъсирдан ижодий ўзига хосликка» (2007) «Таржима ва таржимон масъулияти»
(2007), «Адабий жараён, ижод масъулияти, адабий алоқалар» (2009),
К.Ташанов
«Адабий мерос ва миллий
тафаккур» (2001), «Өзбек тили» (2005),
Г.Қурамбаева «Миртемир ва қорақалпоқ адабий муҳити» (2003), Ш.Алдашева
«Поэтик шакллар хилма-хиллиги ва ижодий индивидуаллик» (2006), И.Дильманов
«Фольклор алоқалари ва бадиий таржима» (2007), С.Матякупов «Ҳозирги ўзбек
ҳикояларида инсон ва шахс концепцияси» (2007) сыяқлы оқыў әдебиятларын баспадан
шығарды.
Сондай-ақ,
2007 ҳәм 2009 жылларда Өзбек тил билими ҳәм Өзбек әдебияты кафедраларының
профессор-оқытыўшылары ҳәмде магистрантлардың
илимий мақалаларынан ибарат «Ўзбек адабиётшунослиги масалалари» (2007) ҳәмде
“Тилшунослик ва адабиётшунослик масалалари” (2009) атлы топламлардың баспадан
шығып, илимий жәмәәтшиликке усынлыўы педагогикалық жәмәәттиң илимий
изленислериниң нәтийжеси болып табылады. Ал, 2006 жылы ф.и.к. И.Дильмановтың
Президентимиз И.Ә.Кәримовтың Пәрманына муўапық «Шуҳрат» медалы менен
сыйылықланыўы факультет турмысында ерисип атырған жетискенликлердиң айқын бир
көриниси деўге болады.
ҚАЗАҚ ТИЛИ ҲӘМ ӘДЕБИЯТЫ КАФЕДРАСЫ
Қазақ тили ҳәм әдебияты қәнигелиги 1954-1955
оқыў жылында институттың тарийх-филология факультети қурамында
ашылды. Бул бөлимди питкерип шыққан
студентлер арасынан белгили жазыўшылар, көркем өнер ҳәм әдебият ғайраткерлери,
илимпазлар жетилисип шыққан. Солардың қатарында белгили
профессор-оқытыўшылардан ф.и.д., проф. О.Доспанов, ф.и.к. Б.Бекетов, ф.и.к.
Қ.Жумажанов ҳәм басқаларды атап көрсетиўге болады.
1991 жылы Нөкис
мәмлекетлик университети негизинде Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының
қайта ашылыўы менен қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасы шөлкемлестирилди.
1992 жылы қазақ
тили ҳәм әдебияты кафедрасында мийнет еткен 8 профессор-оқытыўшыдан бесеўи илим
кандидатлары еди. Соныда айтып өтиў керек, Өзбекстандағы жоқары оқыў орынлары
арасында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қазақ
тили ҳәм әдебияты кафедрасы бириншилер қатарынан ашылған кафедралардан болды.
Бул дәўирде кафедрадағы оқыў-тәрбия ҳәм илимий-изертлеў жумыслары жәнеде
илгерилей баслады. Кафедра профессор-оқытыўшыларынан Е.Мергенбаев, Қ.Амиралиев,
Қ.Жумажанов, К.Хамидуллаев, А. Қобланова, А.Кәрибаева доцент атағына ийе болған
болса, 1999 жылы
Қ.Жумажановқа кафедра
профессоры атағы берилди.
1997 жылы
кафедраны проф. Қ. Жумажанов басқарды. Қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасы,
әсиресе, кейинги жылларда айрықша илгерилей баслады. 1990 жыл кафедрада тек
ғана 4 илим кандидаты болған болса, 1991 жыллардың ақырына келип булардың саны
7 жетти. Солардың ишинде, кафедра оқытыўшыларынан А.Қобланова, Р.Аяпбергенов,
Г.Хамидуллаевлар кандидатлық диссертацияларын табыслы жақлап шықты.
Кафедра муғаллимлери бир неше атамада илимий
жумысларды, монографияларды, илимий-методикалық қолланбаларды китап етип
шығарды, Б.Бекетовтиң «Қарақалпақ қазақларының тили» (1992), Қ.Амиралиевтиң
«Семантико-грамматические особенности употребления тюркских частиц» (1991),
А.Кәрибаеваның «Физкультура бойынша русша-қарақалпақша терминлер сөзлиги»
(1991), Е.Мергенбаевтың «Вопросы синтаксиса словосочетаний в тюркских языках»
(1992), «Түркий тиллерде сөз өзгериў системасы» (1994), «Қазақ тилиниң сөз
өзгерим жүйеси» (1995), К.Хамидуллаевтың «М.Мақатаев творчествосындағы
қарақалпақ темасы» (1995), Қ.Жумажановтың «Асау-Барақ» (1993 жыл), «Халық
шайырлары поэзиясында фольклорлық ҳәм даралық дәстүр» (1993), «Абай ҳәм
қарақалпақ әдебияты» (1995), «Абай энциклопедиясы» (1995) «Сейдәлi ақын»
(2002), «Қарақалпақ аймағындағы қазақ әдебиетi» (2006) сыяқлы оқыў қураллары
жарық көрди.
2000–2003
жыллар аралығында кафедраны проф. К.Хамидуллаев, 2003-2005 жылларда аға
оқытыўшы F.Мамбеткаримов, 2006-2007 жылларда Қ.Жумажанов, 2007-2008 жылларда
болса ф.и.к., доц. И.Дильманов басқарды.
Қазақ тили ҳәм
әдебияты кафедрасы бөлими студентлери бирнеше жыллардан бери республика пән
олимпиадаларына белсене қатнасып келмекте. Атап айтқанда, 2008 жылы бөлим
талабасы А.Тулешова жоқары оқыў орынлары арасында қазақ тили ҳәм әдебияты пәни
бойынша I орынды ийеледи.
«ТАРИЙХ» ФАКУЛЬТЕТИ
Пединститутта
дәслепки ашылған «Тарийх илими» кафедрасы өз
жумысын 1939 жылы19 декабрьде баслады. 1943-жыл педагогикалық институт
тийкарында еки жыллық муғаллимлер институты дүзилип, С.А.Фишер тарийх
факультетинде декан болды.
1944-1945
оқыў жылында тарийх, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бөлимлери бириктирилип,
«Тарийх–филология» факультети болып қайта шөлкемлестирилди. Дәслепки деканлар
болып К.Омаров, Р.Тимашева, Н.Асфандияров ҳәм Р.Қалбаевалар мийнет етти. Ал 1957-жылы марттан
баслап тарийх-филология факультети курамына рус-тили ҳәм әдебияты факультети
бириктирилди. Сенин П.И. деканлық жумысты алып барды.
1948-жылға келип
Тарийх факультети өзиниң 10 питкериўшисине ийе болды. Соннан айрықша питкерген
төрт студент институт кафедраларына оқытыўшы етип қалдырылды.
1955-1956 оқыў жылы
Тарийх факультетинде т.и.к. Л.С.Толстова иследи. Ол Қарақалпақлардың
этнографиясының тарийхы, Хорезм ҳәм Ферғана ойпатындағы Қарақалпақлардың
хожалығы ҳам мәденияты бойынша илимий китаплар шығарды.
1991-жылға келип тарийх-география
кафедрасы кейин, усы кафедра тийкарында
1996-жылдан баслап
тарийх-география факультети болып кайта дузилди. 1996-2006 жылларда
факультетке профессор Б.Шамамбетов, доцентлер Я.Абдуллаева, С.Садиков,
М.Сарыбаевлар басшылык етип декан лаўазымларында жумыс иследи.
2007-жылдан ҳәзирги күнге шекем
тарийх факультетин т.и.д. проф. Я.Абдуллаева
басқарып келмекте. Факультетте 1 Өз.Р ИА академиги, 5-илим докторы,
профессорлар, 19 илим кандидатлары, доцентлар, 16 аға оқытыўшы, 41
ассистент оқытыўшылар бар болып, улыўма
факультеттиң илимий дәрежелик 34,5% ти қурайды.
2009-2010 оқыў жылында факультетке
54 зийрек талаба таңлап алынып олар арнаўлы
реже ҳәм қосымша кесте бойынша
оқытылып атыр.
Ҳәзирги ўақытта
ағла ҳәм зийрек талабаларымыз «Жас
археолог», «Жас тарийхшы», «Жас ҳуқықтаныўшы», «Жас идеолог», «Жас
экономист» сияқлы пән
дөгереклерине
бекитилген.
«Тарийх» факультетинде билим алған
питкериўшилерден: Өзб.ИА академиги Сабыр Камалов, Шарип Бабашев, Жуманазар
Үббиниязов, Алибек Казыбеков, Шарап Палўанов, Камал Сметуллаев, К.Камалов,
Тәжен Изимбетов, Ғани Убайдуллаев, Алланазар Юсупов, Марям Алиева, Рзамбет
Қосбергенов, Ўахит Шалекенов, Алғазы Бекбасов, Арыс Төреев, Алима Гайпова
сияқлы жерлеслеримиздиң илим ҳам билимлендириў тараўларында белгили из
қалдырғанлығы менен мақтаныш етсек арзыйды.
Бүгинги күнде факультет қурамында
«Тарийх», «Миллий идея, руухыйлык тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими», «Экономика хам
социаллык
менеджмент» ҳәм «Жәмийетлик
пәнлер» кафедралары бириктирилген.
«ТАРИЙХ» КАФЕДРАСЫ
1990 жыл Нөкис
мәмлекетлик педагогикалық институты жаңадан шөлкемлестирилгеннен кейин
Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факультети қурамында тарийх пәнинен оқытыўшыларды
таярлаў ислери даўам еттирилди ҳәм усы қәнигелиги бойынша жас кадрлар таярланыў
басланды. 1991-1992 оқыў жылында «Тарийх-география» кафедрасы дүзилди ҳәм оған
т.и.к., доцент Дж.Уббиниязов басшылық етти. Бул кафедраның курамында 14 оқытыўшы
болып тәлим-тәрбия, оқыў методикалық илимий изертлеў жумысларын алып барды.
1992-1993 оқыў жылы «Тарийх» пәнлерин оқытыўға жаңа қәнигелер - Б.Шамамбетов,
О.Юсупов, М.Сарыбаев, Г.Мадияровалар қабыл етилди. 1993-жылы 1-октябрде
«Тарийх-география» кафедрасы екиге бөлинип, «Тарийх» кафедрасы кайтадан
шөлкемлестирилди. Оны т.и.к. Дж.Уббиниязов – басқарып ол кафедрада Б.Сапаров,
Б.Алланиязов, А.Авезова, Х.Алламбергенова, Я.Абдуллаева, Б.Шамамбетов,
О.Юсупов, Ж.Бердимуратов, М.Сарыбаев, Г.Мадияровалар хызмет етти. 1993-1995
оқыў жылында «Тарийх» кафедрасының баслығы лаўазымында доцент Б.Шамамбетов
жумыс алып барды. 1995 жылдан баслап «Тарийх» кафедрасын т.и.д. М.Мамбетуллаев
басшылык етти.
Республикамыздың
Билимлендириў мекемелери ушын тарийхшы педагог кадрларын ың қәлиплесиўинде
«Тарийх» кафедрасының орны гиреўли болды. Ўатанымыз тарийхын еледе терең
үйрениўге итибар берилди. Усы мақсетте кафедра да жаңадан оқыў режелери,
пәнлердиң оқыў бағдарламалары, семинар ҳәм оқыў методикалық әдебиятларды
дөретиў бойынша жумыслар басланды. Кафедра оқыў жобасына елимиз тарийхын
тереңнен үйрениў мақсетинде жаңадан «Өзбекстан тарийхы», «Қарақалпақстан
тарийхы», «Тарийхый үлкетаныў» пәнлери киргизилди. Сондай-ақ тарийх қәнигелиги
талабаларының тарийхый ҳәм мәдений естеликлерди үйрениўи ушын дала әмелияты
шөлкемлестирилди. 1993-1994-жыл май айында НМПИ «тарийх» қәнигелиги
талабаларына археологиялық дала әмелиятын
өткериў басланып, олар Хожелидеги «Миздакхан археологиялық объектин»
де археологиялық дала оқыў ислерин өткерилди.
1995-1996 оқыў жылы тарийх қәнийгелигиниң 1-курс талабалары археологиялың
дала-оқыў әмелиятын Нөкис районы территориясындағы Кердер қаласында өткерилди.
Усы жыллары
тарийхшы кадрлар таярлаўға айрықша кеўил бөлинди. 1992-1993 оқыў жылынан баслап
кафедра жанында тарийх қәнигелигинен аспирантура ашылды. Сондай-ақ 1994-жылы
«Тарийх» кафедрасынан т.и.к., доцент Б.Шамамбетов «1965-1985 жж.
Қарақалпақстанның аграр раўажланыўы: тәжрийбелер ҳәм машқалалар» атамасында
докторлық диссертация жақлады. Сол жылы т.и.к. М.Мамбетуллаев Республикамызда
археология илими саласында биринши болып «Антик дәўириндеги Қубла Хорезмның
тарийхы ҳәм мәденияты: қалалар ҳәм елатлар (б.э.ш IVәсир –
б.э. IV әсир)» атамасында докторлық
диссертациясын жақлады. Сонын менен бирге 1996-жылы Р.Ахметшин
«Қарақалпақстанда мәдений-ағартыў жумыслары урыстан кейинги жылларда (XX-әсирдиң
40-жыллардың екинши ярымы ҳәм 50-жыллар)» атамасында кандидатлық диссертациясын
қорғады.
Ғәрезсизлик
жыллары дәўиринде кафедраның профессор-оқытыўшылары илимий-изертлеў ислеринде
белсене хызмет етти ҳәм монография
, сабақлық,
оқыў қолланбалардың таярланыўда актив қатнасты. Оған мысал ретинде 1991-1992
жыллары т.и.к. Ж.Уббиниязовтың «Мойнақ: кеше, бугин ҳәм ертең» (С.Калкашев ҳәм
Е.Бегдуллаевлар менен биргеликте) ҳәм «Қарақалпақстан мийнеткешлери екинши жер
жүзлик урыс жылларында» атамаларындағы китаплары, сондай-ақ «Қарақалпақстан
тарийхы» (1917-1992 жж.) атамасында (профессор Қ.Сарыбаев пенен биргеликте)
мектеп оқытыўшылары ушын оқыўлық шығарды. НМПИның «Тарийх» қәнигелиги талабалары
ушын 1995 жылы проф. Б.Шамамбетов ҳәм О.Юсуповлар «Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан
халықлар тарийхы бойынша дереклер» атамасында оқыў қолланба ҳәм 1995 жылы проф.
М.Тлеумуратов орта мектеп 7 класс ушын «Қарақалпақстан тарийхы» сабақлығын
«Билим» баспасында шығарды.
1995-1996 оқыў
жылы тарийх қәнигелиги бойынша жаңа «Жәҳән тарийхы» ҳәм «Өзбекстан тарийхы»
кафедралары шөлкемлестирилди. «Жәҳән тарийхы» кафедрасын т.и.д., проф.
М.Мамбетуллаев ҳәм «Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халықлары тарийхы» кафедрасына
т.и.к., проф. М.Тлеўмуратов кафедра баслығы лаўазымына тайынланды. 2002-2005
жыллары «Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халықлары тарийхы» кафедрасына т.и.к.,
доцент
Р.Ахметшин басшылык етти.
2005 жылы
август айында тарийх-география факультети курамындағы «Жәҳән тарийхы» ҳәм
«Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халықлары» кафедралары «Тарийх» кафедрасына
бирлестирилди. Кафедра баслығы етип т.и.д., проф. М.Мамбетуллаев тайынланды.
2009 жылы феврал айынан баслап кафедра баслығы лаўазымында т.и.к. А.Сарыбаев жумыс
алып бармақта. Ҳәзирги ўакытта «Тарийх» кафедрасында 26
профессороқытыўшылар, соннан: илим 4 докторларыҳәм
илим 6кандидатлары ҳәм 16 аға оқытыўшы ҳәм
ассистентлер талабаларға билим берип келмекте
Кафедраның оқытыўшылары
«Қарақалпақстан тарийхының актуал машқалалары» атамасындағы ислеп атырған
илимий бағдары бойынша илимий-изертлеў жумысларында улкен табысларға еристи.
Мәселен 2003 жылы «Карақалпакстанның жаңа тарийхын» дөретиўде кафедрамыздан
т.и.д. Б.Шамамбетов, т.и.к. М.Тлеумуратов ҳәм т.и.к. Р.Базарбаевлар белсене
қатнасты. 2000-2009 жыллары ишинде кафедраның
оқытыўшылары 10 монография, 11 оқыўлық ҳәм оқыў қолланбаларын баспадан шығарды.
Сол қатарда 2002 жылы т.и.к. Г.Наимовтың «Имам-ишан - Қарақалпақстан халқынын
уллы уламасы ҳәм ағартыўшы тулғасы» (т.и.к. Г.Ходжаниязов менен биргеликте),
2005 жылы т.и.д. Я.Абдуллаеваның «Қаракалпақстан ҳаял-кызлары: кеше ҳәм бугин.
(XIX әсирдиң ақыры - XX әсир)», 2008 жылы т.и.к. А.Сарыбаевтың «1980-1995 жж.
Қарақалпақстанның пахтатазалаў ҳәм тоқымашылық санааты: тарийхый тәжрийбе ҳәм
миллий санааттың раўажланыўындағы машқалалар» атамасында баспадан шығарылды.
Соңғы
жыллары кафедрамыз қурамы илимий дәрежели жас кадрлар менен толықтырылды. 2005
жылы Я.Абдуллаева «Женский вопрос в Каракалпакстане в конце ХIX-XX вв.
(социально-политический аспект)»
ҳәм
2008 жылы М.Сарыбаев «Политика хлопковой монокультуры советской власти и
ее негативные последствия в Каракалпакстане (1917-1990 гг.)»
атамалардағы докторлық, 2001 жылы Г.Давлетова «Тахтакупырское восстание
1929 г.» ҳәм 2006 жылы
Т.Қудиярова «История профсоюзной организации Каракалпакстана (1917-1941 гг.)»
атамалардағы кандидатлық диссертацияларын табыслы жақлап шықты.
2000-2008
жыллар аралығында кафедрада ӨзР Илим ҳәм техника комитетиниң мәмлекетлик гранты
тийкарында улыўма 5 темалар бойынша жумыс алып барылды. Сондай-ақ, т.и.д.,
проф. М.Мамбетуллаев басшылығында 2000-2002 жыллары ушын
«Орта әсир өзбек мәмлекетшилиги
раўажланыўында Кердер ҳәм Хорезм мәдениятының орны», ал 2003-2005 жыллары ушын «Әмиўдарья
дельтасында орта әсирлер дәўири қала мәденияты (VI-XII)», 2005-2008 жыллары ушын
«Қарақалпақстан қалаларының орта әсирдеги урбанизациясы (VI-XII)»,
аға-оқытыўшы О.Юсупов 2003-2004 жыллары ушын «Арқа Өзбекстандағы қарақалпақлар
(орта әсир ҳәм жаңа дәўир)», доц. М.Сарыбаев 2004-2006 жыллары ушын «Совет
ҳүкиметиниң пахта монокультурасы сиясаты ҳәм оның Қарақалпақстандағы унамсыз
ақыбетлери» атамаларда илимий проектлерди әмелге асырды.
Бул жоқарыдағы
илимий грант бағдарлар бойынша кафедра оқытыўшылары тәрепинен 5 монография, 5
окыўлық ҳәм 72 илимий мақалаларды баспадан шығарды. Илимий изертлеў жумыслары
нәтийжелери бойынша 2001-жылы «Кердер мәденияты ҳәм оның тарийхта тутқан орны»
атамасында Республикалық илимий теориялық конференция өткерилди ҳәм конференция
материаллары топламда жәрияланды. Сонын менен бирге кафедра доценти т.и.к.
М.Сарыбаев 2006 жылы «XIX әсир ақыры - XX әсир басында Қарақалпақстанның
пахташылық тарийхы» ҳәм т.и.к. Р.Базарбаев (ф.и.д., академик Ж.Базарбаев ҳәм
т.и.к. Г.Ходжаниязовлар менен биргеликте) 2007 жылы «Әййемги Окс дәрьясынын төмениндеги
зардуштийлик излери» атамада монографияларды баспадан шығарды. Сондай-ақ т.и.д.
М.Мамбетуллаев (т.и.д. Т.Ходжайов менен биргеликте) 2008 жылы «Ерте орта әсир
естелиги Куйик қала» атамадағы монографиясын Москвада баспадан шығарып, Россия
Федерациясының Илимлер Академиясының «Алтын онлық» «Ҳүрмет жарлығына» миясар
болды.
1992-1993-оқыў
жылы тарийх қәнигелиги зийрек талабасы О.Сейтмуратов Қоқанд МПИда өткерилген
студентлердиң илимий-теориялық конференциясында баянат жасап биринши дәрежели
диплом менен, 1995-1996 оқыў жылы тарийх-география қәнигелиги зийрек талабасы
Ж.Даўлетмуратов Өзбекстан жоқары оқыў орынлары арасында пәнлер бойынша илимий
конференцияға қатнасып биринши дәрежели диплом алыўға миясар болады.
«Сиясаттаныў ҳәм руўхыйлық тийкарлары» кафедрасы Нөкис мәмлекетлик
педагогикалық институты 1990-жылы қайта тикленгеннен кейин «Сиясаттаныў» атамасы
менен ашылған еди. Кафедраға философия илимлери докторы, ӨзР ИА хабаршы-ағзасы
Ж. Базарбаев басшылық етти,
кафедраның
қурамында 1 илим докторы, 3 илим кандидаты, 4 үлкен оқытыўшы, 4 ассистент
оқытыўшы жумыс иследи. Олар: Ж.Базарбаев, С.Абаев, С.Садыков, А.Алламуратов,
М.Максетова, Ә.Шылманов, З.Жарлепесова, Н.Маджитов, Р.Ахметшин,
А.Ембергенов, Г.Сапаровалар еди. Кейин ала
кафедраға А.Муратбаева, А.Байрыева, Э.Асамаддинов, А.Адилов, П.Дабылов сыяқлы
жас кадрлар жумысқа тартылды.
Кафедра
тәрепинен сиясаттаныў, руўхыйлық тийкарлары, этика, эстетика, социология,
мәденияттаныў пәнлери оқытылды.
1993-1994 оқыў жылынан баслап кафедра тәрепинен
институт көлеминде «Әдептаныў» сабағы оқытыла баслады. 1993-1994 оқыў жылында
қарақалпақ, өзбек, қазак тили ҳәм әдебияты, сондай-ақ баслаўыш тәлим методикасы
қәнигеликлеринде қосымша «Әдептаныў» қәнигелиги бойынша кадрлар таярлаў иси
жолға қойылды. Қосымша қәнигелик бойынша «Әдептаныў», «Шығыс халықлары әдеби
тарийхы», «Этика тарийхы ҳәм теориясы», «Қарым-қатнасық әдеби», «Үй әдеби»,
«Әдептаныўды оқытыў методикасы» сыяқлы пәнлер оқытылды. Кафедра ағзалары
Ж.Базарбаев, З.Жарлепесова, А.Муратбаевалар тәрепинен усы қанигелик ушын бир
қатар оқыў бағдарламалары ислеп шығылды ҳәм баспада жәрияланды.
1994-жылы кафедра тәрепинен «Әдептаныўды» оқытыў
машқалалары темасында республикалық илимий-әмелий әнжуман өткизилди. Онда
институт профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлеринен тысқары Қарақалпақстан
Республикасы мектеплериниң муғаллимлери, Республикалық педагог кадрлардың
қәнигелигин арттырыў ҳәм қайта таярлаў институты хызметкерлери қатнасты. Мәмлекетимиз,
ҳүкиметимиз ҳәм әсиресе Президентимиз И.А.Каримовтың руўхыйлық-ағартыўшылық
ислерине үлкен итибар берип, оны мәмлекетимиз сиясатының үстинликке ийе
бағдарларынын бири сыпатында тән алыўы жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларында
«Руўхыйлық тийкарлары» пәниниң оқытылыўын күн тәртибине қойды.
1997-1998 оқыў жылынан баслап ол
«Сиясаттаныў ҳәм руўхый ағартыўшылық» кафедрасы болып атала баслады. Кафедра
жәмәәти республика, қала, институт көлеминдеги руўхыйлық-ағартыўшылық
жумысларына белсенди қатнасып келди.
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы
билимлендириў министрлигиниң 2-сентябрь 1998-жылғы 241-санлы буйрығына муўапық
институт көлеминде «Өзбекстанда демократиялық жәмийет қурыў теориясы ҳәм
әмелияты» курсы оқытылып басланды. Усы буйрыққа муўапық «Сиясаттаныў ҳәм
руўхый-ағартыўшылық» кафедрасы тийкарында «Өзбекстанда демократиялық жәмийет
қурыў теориясы ҳәм әмелияты» кафедрасы ашылды. Кафедраға ф.и.к. С.Абаев
басшылық етти.
2000-жыл кафедра ушын табыслы жыллардың бири болды.
Кафедра баслығы Ж.Базарбаевқа Өзбекстан Илимлер Академиясының ҳақыйқый ағзасы –
академиги атағы берилди, А.Байрыева «Мәденият тарийхы ҳәм теориясы»,
А.Муратбаева «Этика» қәнигеликлери бойынша философия илимлери кандидаты илимий
дәрежелери ушын диссертация жумысларын жақлап шықты. 1995 жылы
Ж.Базарбаевтың
«Өмир бул сананың
көтериңкилиги» деген китабы шықты.
2001-2002 оқыў жылында институтта «Миллий
ғәрезсизлик идеясы, ҳуқық ҳәм руўхыйлық тийкарлары» тәлим бағдары ашылды. Бул
бағдар бойынша кадрлар таярлаўшы кафедра «Философия», «Ҳуқықтаныў» кафедралары
болып белгиленди. Соның менен бирге «Сиясаттаныў ҳәм руўхыйлық тийкарлары»
кафедрасы профессор-оқытыўшылары усы тәлим бағдарында оқытылатуғын «Миллий
ғәрезсизлик идеясы: тийкарғы түсиник ҳәм принциплер», «Руўхыйлық-ағартыўшылық
жумысларын шөлкемлестириў методикасы», «Көркем өнер тарийхы», «Әдепнама»
пәнлерин оқытыўға киристи. 2001-жылы академик Ж.Базарбаев «Жоқары ҳәм орта
арнаўлы билимлендириў пидайысы» ҳүрметли атағына,
А.Муратбаева «Жыл муғаллими» көрик-таңлаўы
жеңимпазы
Қарақалпақстан Республикасы
Халық билимлендириў ағласы көкирек нышанына ийе болды.
2003-жылы академик Ж.Базарбаевтың илимий
басшылығында «Әййемги Окс дәрьясының төмениндеги зардуштийлик излери менен
(тарийхый-этнографиялық изертлеўлер) атлы мәмлекетлик гранты жеңип алынды. Усы
изертлеўлер нәтийжеси сыпатында 2007-жылы Ж.Базарбаев, Ғ.Хожаниязов,
Р.Базарбаев авторлығында «Әййемги Окс дәрьясының төмениндеги зардуштийлик
излери» атлы монография жәрияланды.
2003-жылы академик Ж.Базарбаевтың «Миллий идея –
бизиң идеямыз» атлы монографиясы Нөкисте «Билим» баспасында жарық көрди.
1997-жылы афедра ағзалары оқыў, оқыў-методикалық, илимий-изертлеў жумысларын
нәтийжели алып барды ҳәм 1990-2005 жыллар аралығында 200 ден аслам газета ҳәм
журнал мақалаларын, тезислер, сондай-ақ 2 методикалық қолланба, 6 монография, 4
сабақлық жәриялады.
2005-жылы август айынан «Миллий ғәрезсизлик идеясы,
ҳуқы ҳәм руўхыйлық тийкарлары» кафедрасы болып атала баслады.
1998-2000 жылларда кафедраны философия илимлери кандидаты С.Садыков
басқарды, кафедра тәрепинен 9 қәнигелик, 2 факультетлер аралық пән
(«Ҳуқықтаныў», «Инсан ҳуқықлары») оқытылды.
2000-жылдың май айынан 2001-жылдың
сентябрь айына шекем кафедраны үлкен оқытыўшы Б.Арзиева баскарды. Бул дәўирде
кафедраға илимий дәрежели профессор-оқытыўшылар С.Ниетуллаев, ю.и.к.
Қ.Сейтназаров жумысқа тартылды. 2002-жылдың ақырында «Ҳуқықтаныў» кафедрасы
«Жәҳән тарийхы» кафедрасы менен бириктирилди ҳәм «Жәҳән тарийхы ҳәм ҳуқықтаныў»
атамасы менен искерлик корсетти.
Кафедраның «Миллий идея ҳәм
ҳуқықтаныў» атамасы менен қайта ашылыўы «Миллий ғәрезсизлик идеясы, ҳуқық ҳәм
руўхыйлық тийкарлары»тәлим бағдарында кадрлар таярлаўшы кафедра ашыў
зәрүрлигинен келип шықты ҳәм ол 2005-жылы май айында әмелге асырылды. Кафедраға
философия илимлери кандидаты А.Байрыева басшылык етти. Усы жылы тәлим
бағдарының биринши қарлығашлары институтты питкерди.
«Миллий ғәрезсизлик идеясы ҳәм
руўхыйлық тийкарлары» кафедрасы 2005-жылы 9-августта ашылды ҳәм оған академик
Ж.Базарбаев басшылык етти. 2005-2006 оқыў жылында кафедрада 17
профессор-оқытыўшы,
соннан 1 илим
докторы, 5 илим кандидаты, доцент, 3 үлкен оқытыўшы, 8 ассистент жумыс иследи.
Кафедра профессор-оқытыўшылары
академик Ж.Базарбаевтың илимий басшылығында «Бәркамал әўладты миллий
ғәрезсизлик идеясы руўхында тәрбиялаўда қәдриятлардың орны ҳәм әҳмийети»темасы
үстинде илимий-изертлеў жумысларын алып барды. 2005-2006 оқыў жылында
Т.Қудайбергенова «Орта арнаўлы оқыў орынларында ҳуқықый тәлим нәтийжелилигин
арттырыўдың педагогикалық тийкарлары» темасында педагогика илимлери кандидаты,
А.Ембергенов «Әжинияздың этикалық көз-қараслары» темасында философия илимлери
кандидаты дәрежелерин алыў ушын диссертация жумысларын табыслы жақлап шықты ҳәм
илим кандидатлары болды.
2007-2008 оқыў жылында А.Гулимов
юридика илимлери кандидаты дәрежеси ушын диссертация жумысын табыслы жақлады. Кафедрада
жас оқытыўшылар менен бир қатарда зийрек студентлерди илимий-изертлеў
жумысларына, илимий дөгереклерге тартыўға да итибар қаратылған. Кафедрада
Ж.Базарбаевтың басшылығында «Жас идеолог», Т.Қудайбергенованың басшылығында
«Жас ҳуқықтаныўшы» илимий дөгереклери искерлик көрсетпекте.
Кафедра профессор-оқытыўшылары
тәрепинен 2005-2009 жыллар аралығында 5 методикалық қолланба, 6 оқыў қолланбасы
ҳәм сабақлық, 4 монография басападан шығарылды. Олардан академик Ж.Базарбаевтың
қатнасыўында жазылған
баслаўыш класслар
ушын «Әдепнама», орта арнаўлы окыў орынлары ушын «Шаңарақ психологиясы»
сабақлығын, кафедра алымлары тәрепинен таярланған «Руўхыйлық тийкарлары» (2009
ж) оқыў қолланбасын, «Әййемги Окс дәрьясының төмениндеги зардуштийлик дининиң
излери»
(2007 ж) монографиясын,
Ж.Базарбаевтың жеке авторлыгындағы «Даналығы гөззаллыққа уласқан шайыр», (2008
ж) «Руўхыятымыз маржанлары, ямаса үлгили ел үлкенин, өрнекли ел өткенин
қәстерлейди», (2008 ж) А.Султановтың «Қаракалпақ прозасында Ш.Айтматовтың
поэтикалық дәстүрлери», «Көркем әдебиятта философиялық пикир» сыяқлы
мийнетлерин атап
өтиўге болады.
2009-жылы Ташкент қаласында
өткерилген жоқары окыў орынлары арасындагы «Ең белсенди мәнәўият
үгит-нәсиятлаўшысы» көрик таңлаўының III-Республикалық баскышында ф.и.к.
А.Муратбаева 2-орынды ийеледи ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта
арнаўлы билимлендириў министрлиги Ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы сыйлығы
менен сыйлықланды.
ЖӘМИЙЕТЛИК ПӘНЛЕР КАФЕДРАСЫ
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық
институтында Жәмийетлик пәнлер кафедрасының тийкары 1950 жыллардан басланды.
Усы кафедраны басқарған биринши профессор-оқытыўшылардан Шмачков А. П., сол
ўақытлары институт директоры А. П. Тетюшевлар дәслепки оқытыўшылардан болған. Жергиликли
кадрлар таярлаў мақсетинде айрым оқытыўшылар Жәмийетлик пәнлер бойынша
муғаллимлер таярлаў курсларына оқыўға жиберилген. Олар арасында философия
пәни бойынша Т. И. Изимбетов 1958 жылы
бириншилерден болып жәмийетлик пәнлер Академиясында аспирантураны табыслы
питкерип келди. Соң М. А. Якубов, С. Утегенов 1964 жылы Ломоносов атындағы
Москва мәмлекетлик университетиниң философия
факультетине жиберилди. Ж. Базарбаев qoto жылы Ташкент м1млекетлик
университетине жиберилди.
Соңын ала 60
жыллардан кейин кадрлардың
көплеп өсип
жетилисиўиниң нәтийжесинде жәмийетлик пәнлер өз алдына кафедра болып бөлинип
шыға баслады.
1962 жылы Ташкент мәмлекетлик
университетиниң аспирантура бөлимине М. Бердимуратов жиберилди. 1962-1967 оқыў
жылларында «Философия» кафедрасы баслығы
болып Т. И. Изимбетов жумыс алып барды.
1967-жылы бул кафедра баслығы болып
аға оқытыўшы
К.Қудайбергенов
сайланды.
Кафедраны философия илимлериниң
кандидаты, доцент М. Бердимуратов 1990- жыллары басқарып келди. 1992-1993 оқыў
жылынан баслап философиядан педагогикалық институттың өзинде туңғыш рет аспирантура
ашылды. 1995-жылы кафедраның илимий темасы «Социально-политические и
межнациональные проблемы экологического кризиса Приаралья» илимий басшы ӨзИА
хабаршы-ағзасы, проф. Ж. Б. Базарбаев басшылығында жүзеге асырылды. Усы жыллары
бул тема бойынша илимий-теориялық әмелий ҳәм практикалық конференциялар,
семинарлар шөлкемлестирилди. Кафедра ағзалары «Тәбият ҳәм инсан өз ара қатнасы
мәселелери» бөлими үстинде илимий-изертлеў жумысларын алып барды. Бул изертлеў
нәтийжесинде кафедра ағзалары илимий мақалалар, методикалық қолланбалар
газета-журналларда жәриялады. А. Муратбаева, З. П. Сеитова хам А. Байрыева
кандидатлық
диссертацияларын табыслы
қорғап шықты.
2000-2003 жыллары философия
кафедрасына ф.и.д., проф. Б. Базарбаев басшылық етти. Усы жыллары
Философия кафедрасы «Жәмийетлик пәнлер»
кафедрасы болып қайта шөлкемлестирилди. Кафедрада философия, этика, эстетика,
логика, динтаныў, мәденияттаныў, социология,
политология ҳәм магистратура бөлиминде Пәнлердиң философиялық мәселелери,
Илимниң дөретиўшилик
методологиясы
пәнлери оқытылды.
Проф. Б. Ж. Базарбаев
бир неше илимий мақалалар: «Философские
аспекты проблемы постмодернизма. Новый взгляд на человека». Нукус. «Вестник»,№
3, 2005; «Феномен человека – люмпена. Мысли о природе вечного и страшного
спутника человека». . Нукус. «Вестник»,2005; «Как я понимаю философию».. Нукус.
«Вестник», № 4. 2005жәрияланды, доц. С. Абаевтың: «Руўхый жаңаланыў келешекке
айдын жол» Н. «Қарақалпақстан» 2002; «Терроризм ҳәм диний экстремиз-адамзатқа
қәўип», Н. Қарақалпақстан-2002; рисолаларды шығарды. 2008-жыл июль айынан
баслап ҳәзирги ўақытқа шекем ф. и. к.,
доцент
З. П. Сеитова Жәмийетлик
пәнлер кафедрасына
басшылық
етип келмекте.2008-2009 оқыў жылында НМПИде
философиядан аспирантура ашылды.
Соның менен бирге кафедра ағзаларынан
доц. З. П. Сеитованың тәрепинен
«Гуманистлик тәрбияда көркем мәденияттың
орны» атлы рисоласы, «Қарақалпақстан» баспасы, 2008;
«Диний экстремизм ҳәм терроризмге қарсы
гүрестиң мәнәўий ҳәм мәрифий тийкарлары», «Қорақалпоғистон» баспасы, 2009
ж.;
илимий мийнетлери баспадан шықты.
Қарақалпақстан ҳәм усы региондағы
қоңсылас ўәлаятлардың илимин ҳәм экономикасын раўажландырыў, оларды жоқары
мағлыўматлы кадрлар менен тәмийнлеўде «Экономика ҳәм социаллық менеджмент»
кафедрасынның да белгили орны бар. Кафедра дәслеп 1958-жылы 1-сентябрьден
баслап «Сиясий экономия» кафедрасы деп аталып, оны марҳум, экономика
илимлериниң кандидаты, профессор Асқар Тәжимуратов басқарды. Кадрлар таярлаў
системасын жетилистириў бағдарында бул кафедрага сол дәўирлерде республикамызға
белгили алымлар, талапшаң устазлар экономика илимлериниң кандидаты Камал Рзаев,
экономика илимлериниң кандидаты, доцент Жаңабай Сапаров, экономика илимлериниң
докторы Ҳайдар Бабажанов, экономика илимлериниң кандидаты доцент Атахан
Абутовлар жумыс иследи.
Олар үлгили
педагог
болып қалмастан, респуликамыз
экономикасын ҳәм илимин раўажландырған искер илимпазлар болды.
1959-1960 – жылларда бул кафедраға
жас оқытыўшылар экономика илимлериниң кандидаты Исмаил Оразымбетов ҳәм
1962-жылы экономика илимлериниң кандидаты, доцент Ҳабийбулла Шамуратов,
1966-жылы экономика илимлериниң кандидаты, доцент Меңлибек Нуратдинов жумысқа
мирәт етилди. 1970-жылдан баслап бул кафедраны экономика илимлериниң кандидаты,
доцент Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген муғалим Атахан Абутов
басқарып барды.
1991-жылы НМПИ қайта тиклениўи менен
«Сиясий экономия» кафедрасының экономика илимлериниң кандидаты, доцент Атахан
Абутов басшылық етти. 1997-жыл ыкафедра ағзаларынан А. Абутов, профессор Ж. Базарбаетың
басшылығында АҚШ та мектептиң оқыў қуралы болып дуньяның көп еллеринде таралған
«Әмелий экономика» китабын Қарақалпақшаға аўдарып
«Билим» баспасынан шығарып экономика
илимлерине қызығыўшылардан тартыў нийетинде
хызметлер атқарды.
2000-2006 жыллар аралығында
кафедраны экономика илимлериниң кандидатлары Өмирбек Бердиев, Оңғарбай Төребаевлар
басқарды.
2006-жыл май айынан баслап
ҳәзирги күнге шекем бул кафедраны экономика илимлериниң кандидаты, доцент Полат
Хожалепесов басқарып келмекте.
2009-жылы март айындағы институт
илимий кеңес қарары менен «Экономикалық теория» кафедрасы «Экономика ҳәм
социаллық менеджмент» кафедрасы деп атала баслады.
Ҳәзирги ўақытта кафедраның мийнет
жәмәәти жаңа кадрлар менен толысып мийнет етпекте онда илим кандидатлары,
доцент Полат Хожалепесов,
экономика
илимлериниң кандидатлары доцент Өмирбек Бердиев, Оңғарбай Төребаев, Анвар
Төребеков илим ҳәм
билимлендириў
бағдарында
жемисли мийнет етпекте.
ФИЗИКА-МАТЕМАТИКА ФАКУЛЬТЕТИ
1934-1935 оқыў жылында ашылған
муғаллимлерди таярлаў бөлими тийкарында 1935-жылдың 1-сентябринен
физика-математика факультети қәлиплесип, оның 1-курсында 19-студент оқыды.
1936-1937 оқыў жылында Орта Азия
мәмлекетлик университетиниң физика-математика факультетин питкерген О. Булешов,
Бухара педагогикалық институтын питкерген М. Галекеевлар жумысқа алынып,
факультет жас қәнийгелер менен толықтырылды. 1937-жылы факультеттиң 15
питкериўшисине «Физика ҳәм математика» муғаллими дипломы берилди.
1948-1949 оқыў жылында оқыў саатларының
көбейиўи менен «Физика-математика илимлери» кафедрасы «Математика» ҳәм «Физика»
кафедрасына бөлинди. «Математика» кафедрасында профессор оқытыўшылардан О.
Булешов, М. Галикеев, Ж. Дуйсенгалиев, Ж. Пенский, Н. Зинованлар, ал «Физика»
кафедрасында П.Ф.Кромер, А. Нурымбетов, А. Мажитов, А. Алиев,
Қ.Бердимуратов, А.Нурманов, В. Н. Кимлер
хызмет етти.
Уллы-Ўатандарлық урыс жылларында
немец-фашист басқыншыларына қарсы саўашта физика-математика факультети
тәрбияланыўшысы, 47-авиация полкиниң ушқыш-бақлаўшысы, гвардия аға лейтенанты
Плис Кольгелдиевич Нурпейсов қаҳарманлық көрсетти.
Үш мәртебе данқ ордениниң кавалери П.К.
Нурпейсовқа 1945-жыл апрель айында душпан тылында 100-жаўынгерлик тапсырманы
орынлағаны ушын Советлер Союзының қаҳарманы атағы берилди.
Факультетте 1959-жылдан баслап
физика, математика, мийнет сабақларын оқытатуғын қәнийгели муғаллимлер таярлана
баслады. 1961-жылы Республикамызда улыўма техникалық пәнлерди оқытыўдың сапасын
жақсылаў ҳәм халық хожалығының техникалық билимге ийе кадрларға мүтажлығын
қанаатландырыў мақсетинде
«Улыўма
техникалық пәнлер» кафедрасы шөлкемлестирилди. Бул кафедраны дәслеп аға
оқытыўшы А. Нурымбетов, кейин Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери
А. Нурманов ҳәм доцент
Ж. Қайпназаровлар
басқарды.
Физика-математика факультенин
питкериўшилерден басшылық хызметте өзлерин жақсы таманнан көрсеткен К.Абдиров,
А.И. Балакин, А.А. Журбин, У. Хожаназаров, А. Тажибаев, К. Юсуповлар тәрбияланып
шықты. Айрым питкериўшилер факультетте оқытыўшы болып ислеп, илимий атақларға
ийе болды.
Олардан физика-математика
илимлериниң докторы профессор Е. Жаксымов, профессорлардан Ж.
Кутлымуратов,
А. Отаров,
Б. Абдикамалов,
Ш. Каниязов
ҳ.т.б. ҳурмет пенен атап өтиў орынлы.
1990-жылдың 1-сентябринде Әжинияз
атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының қайта ашылыўына
байланыслы, оның инженер педагогика факультетине университеттиң
1989-1990-оқыў жылында қабылланған
«Мийнет ҳәм кәсипке бағдарлаў» қәнийгелигиниң 1-курс ишки бөлиминиң 40
студенти, ал сыртқы бөлимниң 50 студенти өткерилди. Факультетке декан етип
техника илимлериниң кандидаты, доцент Турманов Имаматдин белгиленди. Факультет
қурамындағы «Улыўма математика» кафедрасына доцент Б.С. Ахметов, ал «Физика ҳәм
мийнетке үйретиў» кафедрасына доцент Қ. Палўанов басшылық етип, халық хожалығын
педагогикалық қәнигелер менен тәмийнлеўде улкен жетискенликлерге еристи.
Бүгинги күнде факультетте
«Математика», «Физика» ҳәм «Информатика» қәнийгеликлери бойынша магистрлер
таярлана баслады.
2009-2010 оқыў жылында
«Улыўма математика», «Улыўма физика», «Информатика ҳәм хабар технологиялары»
ҳәм
«Кәсиплик тәлим» кафедраларында 72
оқытыўшы ҳәм 14 инженер-техник хызметкерлер мийнет етеди.
Олардың он алтысы илим
кандидаты ҳәм доцентлер. Факультет
алымлары белгили илим-изертлеў орайлары болған Өзбекстан Республикасы Илимлер
Академиясына
қараслы Математика ҳәм
информацион технологиялар институты, Ядро физикасы институты, Физика техника
институты ҳәм
Өзбекстан Республикасы
Илимлер Академиясы
Қарақалпақстан бөлими.
Факультеттиң
алымларынан Улыўма физика кафедрасы доценти А.Жумамуратов басшылығында
2003-2005-жыллар аралығында «Арал машқаласы кризисин ядрофизикалық усыллар
менен геохимиялық процесслерди үйрениў» темасында 10000000 сум
көлеминдеги,
2003-жыл информатика ҳәм
хабар технологиялары кафедрасы доценти А.Абдуллаев басшылығында «Қарақалпақстан
Республикасында социал-экологиялық жағдайдың илимий тийкарларын ислеп
шығыў» темасында 6705000 сум көлеминдеги мәмлекетлик грант
есабынан илим-изертлеў жумыслары алып барылды.
Информатика
ҳәм хабар технологиялары кафедрасы аға оқытыўшысы Сейтимбетов Мәмбетяр
2003-жылы «Берилген түйинен тармақтың басқа барлық туйинлерине ең қысқа
бағытларын потенциаллар усылы жәрдеминде анықлаў (Minimasofa)»атлы
электрон есаплаў машиналарыушын жаратылған
дәстүри ушын Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик патентиниң
№DGU 00604 гуўалығын
алыўға миясар болды.
2009-жылы
Улыўма физика кафедрасының аға оқытыўшысы М.Жумамуратов басшылығында
100 000 АҚШ доллары муғдарында “Регионда экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў
ушын Қубла Аралдағы геохимиялық жағдайларды изертлеў”
атамасындағы, «Улыўма
математика» кафедрасының доценти М.Қасымов басшылығында 100 000 АҚШ
доллары муғдарында “Қубла Арал бойлары жер ресурсларының
гидрологиялық-мелиоративлик жағдайын жақсылаў жоллары”
атамасындағы Бирлескен
миллетлер шөлкеминиң гранты жеңип алынып, илим-изертлеў жумысы алып барылмақта.
Ғәрезсизлигимиз
шарапаты нәтийжесинде факультетимиз интернет тармағына жалғанған заманагөй
компьютер класслары менен тәмийинленди. Физика кәбийнетине пәнди тереңрек ҳәм
сыпатлы үйретиў ушын
Beijing
Zhengheqiwei Technology Co., LTD, компаниясы XXP (Пекин университетинде) да
ислеп шығарылған әсбап-үскенелер алып келинди. Физиканың лабораториялық
жумысларын компьютерде виртуаль стендлер арқалы үйрениў мүмкиншиликлери
бар. Факультетте тигиў цехы, токарлық ҳәм ағаш устаханасы, кепсерлеў
үскенелери, авто басқарыў стендлери әмелий сабақларды оқытыўда хызмет етпекте.
Ҳәр
бир тәлим бағдарлары бойынша зийрек студентлер ушын илимий дөгереклер
шөлкемлестирилген. Атап айтқанда «Жас физиклер», «Радиотехника», «Жас
математиклер», «Жас информатиклер» ҳәм «Шебер қоллар» дөгереклери ислеп тур.
Бул дөгереклерге ағза талабалар теориялық ҳәм әмелий билимлерин жетилистиреди,
илим-изертлеў ислери менен шуғылланады. Зийрек студентлерден
У. Асанова, П.
Абиязов ҳам Р. Жумабековалар
Улуғбек
атындағы стипендия менен оқыўға миясар болды.
Факультет
бакалавр бағдарларының оқыў дәстүринде көрсетилген оқыўлық, оқыў қолланбалары
менен бир қатарда интернет тармағына жалғанған компьютерлер менен тәмийинленген
жаңа «Ахборот ресурс орайы» на, спорт майданшасына ҳәм асханасына ийе.
«Улыўма математика»
кафедрасы
1948 – 1949 оқыў жылы «Физика –
математика илимлери» кафедрасы еки «Математика» ҳәм «Физика» кафедраларына
бөлинди. 1950 – 1960 жыллары «Математика» кафедрасында «Физика – математика»
илимлериниң кандидатлары Ф. В. Томашевский ҳәм Б. В. Левин, педагогика
илимлериниң кандидаты А. З. Насыровлар жумыс ислеп, оқыў – тәрбия
ислерин алып барыў менен бир қатарда дәслепки
илим кандидатларын жетилистириўге де өз үлеслерин қосты.
1954 – жылы кафедра ағзасы О.
Булешов өзиниң кандидатлық диссертациясын жақлап, Қарақалпақстанда биринши
физика- математика илимлериниң кандидаты болды.
1965 – жылы пединститут
пиктериўшиси, кафедра ағзасы Ж. Қутлымуратов Москва мәмлекетлик университетинде
кандидатлық диссертациясын жақлады.
1969 – жылы «Математика» кафедрасы
«Математикалық анализ» ҳәм «Улыўма математика» кафедраларына бөлинди.
«Улыўма математика» кафедрасын М. Галекеев
басқарып, бул кафедрада 14 оқытыўшы жумыс исследи, олардың қатарында физика-
математика илимлериниң кандидатлары О. Сапарниязов ҳәм И. Махсудов, педагогика
илимлериниң кандидаты Т. Таўбаевлар бар еди.
1970 – 1976
жыллары
Ташкент, Москва, Киев, Новосибирск, Казань ҳ. т. б. қалаларда билим алып
келген С. Қаллибеков, Х. Баймуратов, А. Отаров, С. Пирназаровлар кафедраның
илимий потенциалын және де көтерди.
1990 – жылдың 1 – сентябрь күни
қайтадан Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ашылды. Институттың «Инженер
– педагогика» факультети қурамында «Математика- информатика» кафедрасы өз
жумысын баслады.
1996 – жылы институтта «Математика –
информатика» факультети ашылды, бул факультет қурамында «Жоқары математика»,
«Математиканы оқытыў методикасы», «Информатика ҳәм есаплаў техникасы»
кафедралары бар еди.
1999 – жылы 24 – август күни
«Жоқары математика» ҳәм «Математиканы оқытыў
методикасы» кафедралары бириктирилип, «Улыўма математика» кафедрасы ашылды ҳәм
оған доц. С. Таңирбергенов кафедра баслығы болып тайынланды. Бул кафедрада сол
ўақытта 17 оқытыўшы иследи, олардан
Ж.
Төлеуов, С. Пирназаров, С. Таңирбергенов, М. Қасымов ҳәм Х. Баймуратовлар илим
кандидатлары еди:
Бүгинги күнде кафедраны
доц. С. Таңирбергенов басқарады,
кафедрада
23
оқытыўшы жумыс ислейди, олардың алтаўы С. Таңирбергенов,
М.
Қасымов, З. Сапаров, С. Дауенов, Қ.
Елгондиев, Г. Қайпназарова. илим кандидатлары:
Кафедра профессор – оқытыўшылары
«Дифференциалланыўшы көпобразлылықтың методикалық мәселелери» деген темада
илимий- изертлеў жумысларын алып барады.
2010 – жылдан баслап кафедра
ағзалары “
Қубла Арал бойлары жер ресурсларының гидрологиялық-мелиоративлик
жағдайын жақсылаў жоллары” атамасындағы грант темасы бойынша жумыс
ислейди.
«Улыўма физика» кафедрасы
Физика кафедрасының тийкары
1935-жылы салынып ол физика математика кафедрасы деп аталған ҳәм оған доцент
М.В.Щеглов басшылық еткен. Усы жыллары жергиликли тилди билетуғын С.Б.Булатов
кафедраға оқытыўшы етип алынады. Изинше 1936-жылы У.Б.Булешев, 1937-жылы
М.Г.Галикеевлар жоқары оқыў орнын питкергеннен кейин кафедраға оқытыўшы болып
жумысқа киреди. Олар сол даўирде физикадан ҳәм математикадан сабақлар оқытады.
1939-жылы биринши мәртебе
С.Б.Булатов тәрепинен дүзилген қарақалпақша физикадан терминлер
сөзлиги
тастыйықланып баспадан шығады. Бундай илажлар автономиялы
республикада физикадан саўатлылықты
раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе болды.1941-жылы елимиздиң жоқары оқыў
орынларынан эвакуацияланған илимпазлар институтымызға келе баслаған. Олардан
доцент Б.Д.Франк физика-математика
кафедрасына физика оқытыўшысы болып қосылады.
1948-49 оқыў жылынан баслап физика
кафедрасы өз алдына бөлекленип оған аға оқытыўшы А.Жугинисов басшылық
етеди.Жигирмаланшы әсирдиң 60-жылларынан кейинги дәўирде кафедраға әсбап-үскене
ҳәм
жаңа лабороториялар пайда бола
баслады. Физиканың механика, молекуляр физика, электр ҳәм оптика бөлимлеринен
лекцияларды демонстрация менен өтиў ушын демонстрациялық аудитория иске
түсирилип, кинопроекциялық аппарат, айнаны қараңғылатыў, тахтаны
өширип тазалаў, басқада жумыслар автомат
түрде басқаратуғын жағдайға алып келинди, демонстрациялық приборлар
таярланылды.1990–жыл Әжинияз атындагы НМПИ ның қайта ашылыўы менен сол жылы
«Физика ҳәм мийнетке үйретиў» кафедрасы дүзилди. Кафедраға доцентлерден
Қ.Палўанов, Б.Қайпов, А.Жумамуратов, Ж.Жаңабергеновлар басшылық етти.
Ҳәзирги
дәўирде доцент К.Турданов
басшылық етип келмекте.
1995-жылы «Физика
ҳәм мийнетке үйретиў» кафедрасында 13
оқытыўшы, 5 инженер техник қәнийге ислеп, соннан 4 оқытыўшы илим кандидаты
болған болса,
ҳәзирги күнде усы
кафедрадан бөлинип шыққан «Улыўма физика» кафедрасында 14 оқытыўшы ислеп оның 7
оқытыўшысы илим кандидаты, доцентлер болып студентлерге
тыянақлы билим бермекте. Кафедрада Физика
магистр қәнийгелигиндеги жасларға тәлим-тәрбия берилмекте. Кафедрада 5
физикалық лаборатория, компьютер класслары студентлердиң хызметинде.
Лабороториялар жыл сайын таза үскенелер менен толықтырылмақта. Кафедра ағзалары
бюджеттен тысқары қаржы табыў жумысларында да көп мийнет етпекте.
Мийнет
ҳәм
Физика қәнийгелигиниң
студенти П.Абдиязов Республикалық
жоқары оқыў орынлары арасында «Физика» пәни
бойынша өткерилген пән олимпиадасында сыйлықлы үшинши орынды ийеледи ҳәм
Улуғбек атындағы
мәмлекетлик стипендия
менен оқыўға миясар болды.
Информатика ҳәм хабар технологиялары кафедрасы
Ўатанымыздың ғәресизликке ерисиўи
халық тәлими системасына ҳәм тәлим-тәрбия процессине заманагөй хабар
технологияларын енгизиўди, тәлимди компьютерлестириў машқалаларын үлкен ўазыйпа
етип қойды. Соның ушын Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық
институтының илимий Кеңесиниң қарары менен
1996-жылы 13-декабрьде «Математика-информатика» факультетиниң базасында «Информатика
ҳәм есаплаў техникасы» кафедрасы ашылды. Кафедра баслығы болып экономика
илимлериниң кандидаты, доцент Алишер Абдуллаев тайынланды.
Кафедрада еки доцент
(А.Абдуллаев, Б.Ахметов), 3аға оқытыўшы (М.Бекимбетов, М.Сейтимбетов, К.Шамуратов) ҳәм 5ассистент
иследи. «Информатика ҳәм есаплаў техникасы» кафедрасына төмендеги әҳимийетли
ўазыйпалар жүкленди: тәлим саласын компьютерлестириў, оған хабар
технологияларын енгизиўге байланыслы машқалаларды шешиў; улыўма орта тәлимде
компьютерли тәлим методологиясын жаратыў, педагогикалық дәстүр қуралларын (ПДҚ)
жаратыўдың теориялық ҳәм әмелий методологиясын ислеп шығыў; оқыў материалларына
ПДҚ ға сәйкеслендирип ислеп шығыў; мағлыўматлар базасын оқытыў процессинде
жаратыў, олардан пайдаланыў системасын илимий тийкарлаў, сабақ процессиндеги
басқышларды толық компьютерлестириў мәселесин
комплексли
үйрениўден ибарат.
Өзбекстан
Республикасының «Кадрлар таярлаў Миллий дәстүрин» де белгилеп берилген кадрлар
таярлаў тизимин раўажландырыўдың тийкарғы жөнелислери «Илим менен тәлим
процесси байланысларын раўажландырыў» бәнди мазмунына, ҳүкиметимиз тәрепинен
қабыл етилген «Интернет» тиң ҳалықара хабар системаларына кең кирип барыўын
тәмийинлеў дәстүрин ислеп шығыў шара тәдбирлери ҳаққындағы, «2002-2010 жылларда
компьютерлестириў ҳәм хабар-коммуникация технологияларын раўажландырыў дәстүри»
ҳаққындағы Қарарлары ҳәмде «Компьютерлестириўди жәнеде раўажландырыў ҳәм
хабар-коммуникация технологияларын енгизиў ҳаққында» ғы, қарарлары белгиленген
ўазыйпаларға 2001-жыл 25- май күнги пединститут Илимий
Кеңеси қарары менен Информатика ҳәм есаплаў
техникасы кафедрасы атамасын Информатика ҳәм хабар технологиялары
кафедрасы атамасына өзгертилди.
Информатика
ҳәм хабар технологиялары кафедрасында бес илим кандидаты (доцентлер
А.Абдуллаев, С.Пирназаров, Ж.Алланазаров, илим кандидатларыМ.Аламинов,
А.Турениязова) еки аға оқытыўшы (М.Бекимбетов,
М.Сейтимбетов),
иследи.
Кафедраның илимий кадрлар менен тәмийинлениў дәрежеси 38,5%
болды.
Өзбекстан Республикасының илимий-техникалық
раўажланыўының приоритет бағдарларына сәйкес “Информатика ҳәм хабар
технологиялары” кафедрасының 2004-2010 жылларға жобаластырылған
илимий бағдары:
Информатика ҳәм телекоммуникациялық технологиялардың раўажланыўын кеңнен
тәмийнлеў мақсетинде, ҳәзирги заман информациялық системаларды, басқарыў
қуралларын, мағлыўматлар базасын ҳәм программалық өнимлерди ислеп шығыў. Илимий
тема:
Заманагөй хабар технолгиялары базасында оқытыўдың автоматластырылған
системаларын ислеп шығыў машқалалары.
Кафедрада
ҳәзирге шекем 83 методикалық жумыс, илимий мақалалар,
баспадан шығарды.
Информатика
ҳәм хабар технологиялары кафедрасының ағзалары жәрияланған илимий-изертлеў
жумыслары бойынша педагогикалық институт көлеминде дыққатқа ылайық
жетискенликлерге еристи:2001-2002 оқыў
жылында 4-курс студенти Қалекеева Т., 2-курс
студентлери Н.Султанова ҳәм М.Нурымбетовалар Өзбекстан Республикасы студентлери
олимпиадасының 2-басқышында Информатика пәнинен
команда қурамында қатнасып педагогика институтлары арасында биринши орынды
ийеледи (2002-жыл 3-май).
Доцент А.Абдуллаевтың басшылығында
математика-информатика факультетиниң 4-курс студенти Т.Қалекеева
2002-жылдың 26-апрель күни Самарқанд қаласында
өткерилген “Компьютер саўатқанлығы” бойынша ислеп шығылған программалық өнимлер
көрик таңлаўында биринши орынды ийелеп Өзбекстан Республикасы халық тәлим
ўазирлигиниң екинши дәрежели дипломы менен сыйлықланды.
Кафедра
профессор оқытыўшылары Өзбекистан Республикасы Ресурс
Орайының Қарақалпақстан бөлиминде 2003-жыл 26-28-апрельде
өткерилген«Оқытыў процессинде аралықтан оқытыўды енгизиў машқалалары» семинарының
сертификатын, Ташкент ижтимоий маърифат маркази гуўаҳнамасын 2001-жыл 13-17
июнде өткизилген фуқорашуносилик семинарының сертифекатын, IREX фондының
сертификатын жеңип алды.
Кафедрада шәртнама тийкарында бюджеттен тысқары қәрежет табыў “Компьютер
илимин үйрениў тийкарлары” төлемли курс есабынан әмелге асырылды. Жәми
2000-2003 жыллары курс есабынан 1.5 млн. суммнан
аслам пединститут есабына өткерилди.
Кафедрада
зийрек талабалар менен ислесиўге үлкен итибар берилген. Олар ушын “Жас
информатик” дөгереги шөлкемлестирилип, онда тәжирийбели
профессор-оқытыўшыларымыз алгоритмлестириў ҳәм программаластырыў сырларын
жасларға үйретпекте.
Кафедраның
профессор-оқытыўшылары тәрепинен лицей ҳәм колледж талабалары ушын арналған
А.Саттаровтың Информатика ҳәм хабар технологиялары. «Билим»,
Н., 2005 сабақлығын,
А.Абдукодировтың Хабар технологиялары.
«Билим»,
Н., 2005 сабақлығын өзбек
тилинен қарақалпақ тилине аўдарма жасады
Кафедрада 2005-2006
окыў жылында 5А140102 – Информатика қәнигелиги бойынша
магистратура ашылды.
Кәсиплик
тәлим кафедрасы
Қарақалпақ
мәмлекетлик педагогикалық институтының физика – математика факультети қурамынан
1961 жылы «Санаат өндириси
ҳәм
тийкарлары» кафедрасы шөлкемлестирилди. Кафедраны аға оқытыўшы А. Нурымбетов
басқарды.
1965–
жылдан баслап усы кафедраны т.и.к. А. Нурманов басқарды. Усы жылы кафедраға
жоқары қәнийгели профессор – оқытыўшылардан Б. Усенов, М. Ембергенов ҳәм Ж.
Қайпназаровлар келип
қосылды.
1970 – жылдан баслап кафедраны ф–м.
и. к. Ж. Қайыпназаров басқарды. Сол жыллары кафедрада тәжирийбели
профессор-оқытыўшылардан Н.П.Ширяев, Б.Усенов, Ю.Машарипов, М.Ембергенов,
А.Романов ҳ.т.б. талаба жасларға тәлим - тәрбия берди. Жылдан жылға кафедраға
тийисли лабораториялық кабинетлердиң материаллық техникалық базасы толықтырып
барылды.
1990-1991 оқыў жылы
инженер–педагогика факультети қурамыннан «Физика ҳәм мийнетке үйретиў»
кафедрасы дүзилип, оған ф-м.и.к. Қ. Палўанов басшылық етти.
Кафедраға тийисли «Мийнет», «Мийнет -
физика», «Мийнет-информатика», «Мийнет ҳәм сүўретлеў өнери», «Мийнет ҳәм
кәсипке бағдарлаў», «Мийнет ҳәм аўыл хожалығы механизациясы» бағдарлары бойынша
қәнийгеликлер таярлана басланды.
1992– жылы «Физика ҳәм мийнетке үйретиў
кафедрасы қурамынан «Улыўма техникалық пәнлер» кафедрасы бөлинип шықты, оған
ф–м.и.к.
А. Жумамуратов басшылық етти.
Усы жыллары оқытыўда теория менен әмелиятты бирге алып барыў мақсетинде жаңдан
төмендеги атамадағы «Материалтаныў», «Аўыл – хожалық машиналары», «Ағашқа ислеў
бериўши устахана», «Металларға ислеў бериўши устахана», «Тигиўшилик
устаханасы», «Электротехника ҳәм радиотехника», «Аспазшылық» лабораториялары
шөлкемлестирилди.
Өзбекстан Республикасы илимлер
академиясы ядро физикасы институтына мақсетли аспирантураға Б.Ибрагимов
1996-2000 жыллары түсти ҳәм т.и.к. илимий дәрежесин ийеледи.
Кафедра жоқары мағлыўматлы
қәнийгелер А. Таубаев, О.Орынбаев, Х. Тажетдинов Т. Пирназаровлар менен
толықтырылды.
1997-1998 оқыў жылы кафедраны т.и.к.
М. Арзуов басқарып , усы жыллары институт атынан мақсетли аспирантураға
Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын механизацияластырыў ҳәм электрофикациялаў
илим изертлеў институтына кафедраның ассистент оқытыўшысы Б.Утепбергенов
жиберилди ҳәм 2001 жылы тамамлап т.и.к. илимий дәрежесин алды.
2001
- 2005 оқыў жылында
кафедраны
т.и.к доцент Н. Сапарниязов басқарды,
2006- жылдан баслап кафедраға доц. Б.Авезов басшылық етип келмекте.
Ҳәзирги заман талабы дәрежесинде
терең билим ийелеўлери ушын кафедрада тренажер залы, 7 устахана ҳәм 5
лаборатория-әмелият
кабинетлери ислеп
тур. Кафедрада «Шебер қоллар» дөгереги дүзилди. Бүгинги күнде кафедра қурамы: 1
техника илимлери докторы, профессор, 2 техника илимлери кандидаты, 3 доцент, 6
аға оқытыўшы ҳәм 9 ассистент оқытыўшыдан
ибарат.
ТӘБИЯТТАНЫЎ
ФАКУЛЬТЕТИ
1943-жылдың
сентя-бринен физика-математика кафедрасы қурамында ис баслаған
Тәбияттаныў-география бөлими тийкарында салынып, ол
1948-жылы факультетке айландырылды. Усы
факультеттиң биринши деканы
А.Бөлешов
болды. 1959-жылы х.и.к. Пак Яков факультет деканы болып тастыйықланды.
Буннан кейинги
1960-1965- жыллар аралығында факультетке
проф. С.Ережепов, 1967-1968-жыллары А.Тлеубергенов, 1969-1986-жыллары
доц.К.Айтбаевлар декан лаўазымында жумыс иследи.
1990-1991-оқыў жылында Нөкис
мәмлекетлик педагогикалық институтының қайта тиклениўи менен бул факультет
тәбияттаныў аты менен
1996-жылы
5-сентябрьде қайта шөлкемлестирилди ҳәм декан лаўазымында 1996-1998-жыллары
проф.Б.Алламуратов, 1998-2002-жыллары доц.Ш.Сапаровлар иследи, ал
2003-жылдан
ҳәзирге шекем доцент Ш.Т.Алламуратов басшылық қылмақта.
Факультет
республикамыз ҳәм қоңсыслас областлардың мектеп, лицей ҳәм кәсип-өнер
колледжлери ушын химия, биология, экология, география ҳәм экономика салалары
бойынша пән муғаллимлерин жетистиретуғын «химия ҳәм экология», «биология ҳәм
адам тиришилиги искерлигин қорғаў», «география ҳәм экономикалық билим
тийкарлары» бакалавр билимлендириў бағдарлары ҳәм «биология», «география»
қәнигеликлериниң магистратура дәрежесиндеги
қәниге оқытыўшыларды таярламақта.
Ҳәзирги күнде факультетте “Химия ҳәм
экология”, “Биология”,
“География”,
сондай-ақ
факультетлер аралық “Медицина
билими тийкарлары” кафедралары болып, оларда 9 илим докторы, профессорлар, 24
илим кандидаты, доцентлер, 50 үлкен
ҳәм
ассистент оқытыўшылар болып,
бакалавр ҳәм магистратура талабаларына сабақ өтеди, илимий-изертлеў жумысларына
басшылық етеди,
улыўма факультеттиң
илимий дәрежелилиги
39,8 % қурайды.
Талабалар контингенти республиканың
халық-хожалығы талабына байланыслы жылдан-жылға
көбеймекте. Оларға 13 мыңға шамалас атамадағы 144 мыңнан аслам нусқадағы
қорға ийе китапхана, ҳәзирги заман техник үскенелери менен тәмийинленген,
интернет пенен жалғанған
электрон
китапхана ҳәм класслар, кабинет ҳәм лабораториялар пайдаланыўында болып,
талабалар билиминиң тереңлесиўине тийкар салады.
Өзбек-стан
Республикасы халық билимлендириў министрлиги, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық
институты ҳәм
Қарақалпақстан
Республикасы тәбиятты қорғаў мәмлекетлик комитети менен биргеликте
2004-жыл 12-13-октябрде “Экологиялық
билимлендириў ҳәм турақлы раўажланыў” халық аралық илимий-әмелий конференция
факультет базасында өткерилип, оған 30 ға жақын илимий изертлеў
институтларынан, ЖОО ларынан, илимий орай ҳәм лабораториялардан 192
илимпаз
қатнасты. Буннан тысқары ҳәр
жылы үрдиске айланған
илим-изертлеў
нәтийжелери бойынша, қоршаған орталықты қорғаў күни, атмосфера, жер ҳәм суў
күнлерине арналған илимий-әмелий конференцияларға профессор-оқытыўшы ҳәм
студент жаслар кеңнен тартылып, олар оқыўда ҳәм жәмийетлик көрсеткишлерде
жоқары нәтийжелерге ериспекте.
Факултеттиң профессор-оқытыўшылары
өз устазлары ҳәм шәкиртлери менен илимий байланысларға ийе. Бул аспирант ҳәм
талабаларымыздың илимий-изертлеў жумысларының орынланыўына, әнжуман ҳәм көрик
таңлаўларда қатнасыўына негиз жаратпақта. Елимиз ғә-рессизлигиниң жемиси
ретинде усындай “Истъедод” қорының жеңимпазлары болған бир неше
оқытыўшыларымыз
шет еллерге барып өз
тәжирийбелерин толықтырып қайтты, атап айтқанда 2002-жылы экология бағдары
бойынша Россияның Москва МУ де проф. Б.Алламуратов, 2006-жылы С.Петербург МУ де
доц.А.Ажиев, 2005-жылы тил ҳәм компютер технологиясы бойынша Индияда “ITEC”де доц.Г.Оразымбетова, 2009-жылы
педтехнология тараўы бойынша Германияның орта билимлендириў буўынларында
доц.А.Ажиевлер өз билимлерин арттырып келди.
Химия ҳәм экология кафедрасы
Ғәрезсизликтен кейин бой тиклеген Нөкис мәмлекетлик педагогикалық
институты қурамында 1999-жылы химия кафедрасы қайта шөлкемлестирилип
жанландырылды, оның баслығы 2001-жылға шекем х.и.д. О.Асаматдинов, 2001-2005-жыллары
х.и.к. А.Жийемуратов болды. 2006-жылы бул кафедра «Химия ҳәм экология» болып
өзгертилди ҳәм ҳәзирге шекем оның баслығы лаўазымында доц.Ф.Өтенова
ислеп келмекте.
Ҳәзирги
күнде
кафедрада
11 илим кандидаты (А.Жиемуратов, Ж.Сапарбаев,
А.Қаратаев, Г.Оразымбетова, В.Давлетмуратова,
Б.Жумабаев, М.Ажиева, А.Жакыпова, А.Асаматдинов, Б.Алламбергенов,
З.Бекбергенова), 3 үлкен (З.Меңлимуратова, З.Бектурганова, Г.Сапарова) ҳәм 10
ассистент оқытыўшылар
талабаларға билим
сырларын үйретпекте.
Кафедра химия ҳәм экология
бағдарлары бойынша оқыў лабораторияларына ийе болып, ҳәр жылы толықтырылып
илимий-изертлеў жумысларын орынлаўға ийкемлестирилмекте.
Өткен 2009-жылдың өзинде оқыў лабораториялары
9881572 сўмлық әсбап үскене менен тәмийинленди. Кафедраның аға оқытыўшылары
З.Меңлимуратова, А.Қайыпбергеновлар тәрепинен анорганикалық химия ҳәм
химтехнология пәнлери бойынша заманагөй виртуаль лаборатория жумыслары
таярланды.
Кафедрада «Қарақалпақстанның
тәбийғый минерал шийки зат ресурсларынан ақылға му-ўапық пайдаланыў машқалалары
ҳәм шешиўдиң экологиялық тийкарлары» деген фундаменталь темадағы
илимий-изертлеў жумыслары алып барылмақта. Олардың ишинде докторлық
(Г.Ора-зымбетова,Ф.Өтенова) ҳәм кандидатлық (З.Меңлимуратова, З.Бектурганова,
Л.Кабулова, А.Ерекеева, Қ.Реймов, Т.Ибадуллаева,
М.Аскарова) диссертация темаларын бекитип,
ӨзР. ИА институтлары ҳәм ЖОО лары менен биргеликте
илимий-изертлеў жумысларын орынлап, көпшилиги
жақын келешекте нәтийжелерин жақлап шығыўға жобаластырған. Кафедра илимпазлары
ғәрезсизлик жылларында үлкен мүмкиншиликлерге ийе болды. 2003-2008-жыллар
аралығында 35 млн.сомлық фундаменталь ҳәм инновацион темалар (Ж.Сапарбаев,
Г.Сапарова) талап дәрежесинде орынланды ҳәм соңгы үш жыл ишинде 1 млн.сом
бюджеттен тыс қаржы табылды. Илимий-изертлеўлер нәтийжелери бойынша
профессор-оқытыўшылар тәрепинен 200 ден аслам илимий мақалалар, 1 электрон
сабақлық, 2 виртуаль лабораториялық жумыс, 2 оқыў
ҳәм 30 дан аслам методикалық қолланбалар баспадан
шығарылды.
Биология
кафедрасы
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық
институты қайта дүзилген
1990-1991-оқыў
жылы басланғыш тәлим методикасы факультетинде шөлкемлестирилген тәбияттаныў
(баслығы Б.Ҳәбипов, 1993-жылдан Б.Шербаев) кафедрасы қурамыннан, 1993-жылы
өз алдына ботаника ҳәм зоология кафедралары
болып бөлинди. Зоология кафедрасынан 2000-жылы адам анатомиясы ҳәм физиологиясы
кафедрасы айырылып шықты. Ботаника кафедрасына 1993-2005-жыллар аралығында
Б.Шербаев, Б.Сарыбаев, Р.Халмуратовалар, зоология кафедрасына 1993-2005-жыллар
аралығында А.Утамбетов, Б.Алламуратов, Ш.Алламуратов, Қ.Сейпуллаев, С.Мәмбетуллаева,
Ф.Өтенова, адам анатомиясы ҳәм физиологиясы кафедрасына 2000-2005-жыллар
аралығында М.Әжибеков кафедра баслықлары болып иследи. 2005 жылы ботаника,
зоология, адам анатомиясы ҳәм физиологиясы
кафедралары биология атамасы менен қайта бириктирилип оның баслығы етип
доцент Р.П.Халмуратова
бекитилди.
Бүгинги күни биология кафедрасында 6
илим докторы (Б.Алламуратов, Б.Шербаев, Ғ.Асенов, Б.Ш.Сарыбаев 8 илим кандидаты
(П.Халмуратов, О.Темирбеков, О.Утемисов, Ш.Т.Алламуратов, Р.П.Халмуратова,
Р.Атамуратов, А.Б.Ажиев,) 1-үлкен
(М.Балтабаев)
ҳәм 16
ассистент оқытыўшылар жумыс
ислейди.
Кафедра ағзалары «Қарақалпақстанның
тәбийғый байлықларын үйрениў нәтийжелерин, биология пәнлерин оқытыўды
жетилистириўде пайдаланыўдың илимий тийкарларын ислеп шығыў» деген атамадағы
илимий–изертлеў жумысына толық қатнаспақта. Изертлеў жуўмақлары бойынша бир
неше оқыў методикалық қолланбалар ҳәм сабақлықлар жаратылды, атап айтқанда,
Экология ҳәм тәбиятты қорғаў (Р.Тлеуов, Б.Алламуратов, А.Матчанов, О.Утемисов,
Ш.Алламуратов ,2004, «Билим», 16,8 б/т), Цитология (Б.Алламуратов, А.Матчанов,
Б.Жиенбаев, Қ.Сейпуллаев, Г.Алламуратова, 2008, «Қарақалпақстан» 10,5 б/т.),
Паразитология (Б.Алламуратов, Е.Торениязов, Г.Алламуратова, 2009,
«Қарақалпақстан»,12,5 б/т), сабақлықлары жарық көрди.
Изертлеў
нәтийжелери илимий-әмелий әҳмийетке ийе
болып, соңғы 5-жылда
11 сабаклық,
оқыў-методикалық қолланбалар шығарылды. Көп жыллық илимий излениўлер жуўмағында
1994-жылы Б.Сарыбаев, 1996-жылы Ғ.Асенов докторлық
ҳәм
2002-жылы А.Ажиевлар кандидатлық диссертацияларын жақлап шықты.
География кафедрасы.
Тарийх-география
факультети қурамында география кафедрасы 1993 жылы ашылып, оған
Ж.Жалғасбаев (1993-1996), Е.К.Умаров
(1997-2002), А.Қурбаниязовлар (2003-2007) басшылық етти. Кафедрада усы дәўирде оқытыўшылардан
Қарақалпақстан халық муғаллими доцент Қ.Даўлетова, Р.Гайпова, Г.Утепова,
А.Қурбаниязов ҳәм Ж.Абдирамановлар жумыс иследи. Сол ўақыттың өзинде кафедра
оқытыўшылары бирнеше монографиялық мийнетлердиң, методикалық қолланбалардың,
илимий мақалалардың авторлары болды, атап айтқанда «География сабағы ҳам үлке
таныў» (Қ.Дәўлетова, 1992 «Билим» 17 б/т), «География сабағынан класстан тыс
жумыслар (Қ.Дәўлетова,1993 НМПИ, 4 б/т) «Қубла Арал аймағында өсимлик қатламларының
динамикасы» (Ж.Жалғасбаев,1995 «Карақалпақстан», 7,5 б/т), атамасындағы
мийнетлер студентлерге пайдаланыўға усынылды.
Кафедраны ҳәзирги күнде 2008-жылдан баслап
доцент Р.Гайпова басқармақта. Кафедрада 1 илим докторы, 5 илим кандидаты ҳәм
доцентлер, 4 үлкен оқытыўшы ҳәм 3 ассистент оқытыўшылар жумыс ислемекте.
Кафедрада илимпазлары тәрепиннен проф. Е.Умаровтың
илимий басшылығында көлемли изертлеў
жумыслары орынланбақта. Кафедрада 2006-2008-жыллар ишинде жәми 33,2 млн сом
муғдарындағы илимий-изертлеў жумыслары табыслы жуўмақланды, ал 2009-2010
жыллары 13,1 млн сом көлеминдеги излениў жумыслары
орынланбақта. Илимий-изертлеў нәтийжелери
бойынша докторлық (2003-жылы Е.Умаров) ҳәм кандидатлық (2002-жылы
А.Қурбаниязов,Г.Өтепова, 2006-жылы Р.Гайпова) диссертациялар жақланып шықты.
Изертлеў
мағлыўматлары бойынша, соңғы бес жыл ишинде профессор-оқытыўшылар тәрепинен ,
11
оқыў-методикалық қолланба, 5
монографиялық жумыслар
баспадан
шығарылды.
Медицина билими тийкарлары кафедрасы.
Нөкис
мәмлекетлик педагогикалық институты
қайта бой тиклегеннен кейин 1990-2006-жыллар аралығында К.Каллибеков,
Ф.Джальменова, Ж.Кул-тимов, Т.Тлеумуратов, С.Даулетмуратов ҳәм
М.Таджибаевалар
кафедра баслығы болды.
2006-жылдан ҳәзирги шекем кафедраға
үлкен оқытыўшы Т.Сапаров басшылық етпекте.
Кафедра лабораториялық сабақлардың
сапасын жақсылаў мақсетинде «№1 Республи-калық емлеўхананың» биохимия
лабораториясы, «Қалалық айрықша жағдайлар басқарма-сының» кабинетлериннен
пайдаланыў бойынша шәртнамалар дүзген ҳәм сол жерде әмелий сабақлар өткериледи.
Кафедра Ибн Сино орайы менен биргеликте тәлим-тәрбия ис жобасын ислеп шыққан
ҳәм институттың барлық факультетлеринде, зыянлы әдетлердиң алдын алыў, әсир
чумасы есапланатуғын СПИД/АИЖС ның ҳәм гиябентликтиң алдын алыў бойынша
лекциялар оқып, сәўбетлесиўлер жүргизеди. «Саламат турмыс тәризи» атамасында
студент-лердиң илимий дөгереги шөлкемлестирилген болып, оның ағзалары
факультеттиң илимий-әмелий әнжуманларында баянатлар менен шығып турады.
Шет тиллери факультети
Шет тиллери факультети
еки қәнигеликтен ибарат болып инглис ҳәм
немис тиллери бағдары тийкарында 1954-жылы ашылды. Факультеттиң тийкарғы
мақсети инглис ҳәм немис тили бойынша жоқары маманлықтағы оқытыўшыларды
республикамыз мектеплерине жетилистириў болды. Факультет ашылған дәўирде 55
талаба, 3 топар: 2 инглис тили топары, 1 немис тили топарынан ибарат еди.
Оларға дәслепки жылларда 3 профессор-оқытыўшы Ж.А. Алламуратов, Р.И. Банк, А.П.
Серовлар сабақ берди. Факультетке 1954-1958 жыллардағы ҳәм 1961-1968 жыллардығы
дәўирде инглис тили бойынша қәниге, филология илими кандидаты Ж.А. Алламуратов
басшылық етти. 1990-91-оқыў жылында пединститут қайта ашылғанда факультет тек
бир «Рус тили ҳәм әдебияты миллий мектеплерде» қәнигелиги менен келген болса,
1991-92-оқыў жылында рус тили ҳәм әдебияты факультетиниң группалар саны 21,
студентлер саны 564, муғаллимлер саны 46 ға жетти. Пединституттың ашылыўы
факультетте жаңа кафедралар ашыўға мүмкиншилик берди.
Рус тили ҳәм әдебияты факультетин
көплеген белгили илимпаз-педагоглар басқарған. Олардан 1958-1961 жылларда шет
тиллери факультетиниң деканы болып Рогач Александр Павлович жумыс жүргизди.
1961-1990 жыллары декан лаўазымында доцентлер П.И. Сенин, А.Жақсыбаев,
А.Умаров, профессор Е. Бердимуратов, 1990-2009-жыллары профессор
К.М.Кощанов,
доцент Б.Хощанов
ҳәм
филология илимлери кандидаты Абдуллаев Максуд
Алимбаевичлар
басқарды. Ҳәзирги күнде
филология илимлери кандидаты басқарып атыр.
Ғәрезсизлик дәўиринде Кощанов, профессор
атағын ф.и.к Пирназар Курбаназаров UniqueWorld Халқаралық Илимий Академияның
академиги атағына миясар болды, буннан тысқары Тажетдин Халмуратов, Қазақбай
Сапаров, Бөрибай Шаниязов, Нигара Орынбетова, Гулсанем Алламуратовалар
кандидатлық диссертация жумысларын табыслы жақлап шықты.
Инглис тилиҳәм әдебияты
Инглис тили кафедрасы 1954 жылы
педагогикалық институтымыздың шет тиллери кафедрасының дүзилиўйне тийкар салған
еди.
Ж.А.Алламуратов
кандидатлық диссертациясын 1968 жылы жақлады
ҳәм инглис тили қәнигеси бойынша биринши филология илимлериниң кандидаты болды.
Ол өз өмириниң соңғы күнлерине шекем факультет деканы лаўазымында ислеп
республикамызға шет тиллери бойынша муғаллимлер таярлаўда өзиниң гиреўли үлесин
қосты. Инглис тили қәнигеси бойынша биринши питкериўшилерден Т.Д.Досанов,
Ж.Р.Хасанова,
К.К.Камалов, С.Я.Вырва,
Е.У.Базарбаевлар болды.
Инглис тили қәнигеси бойынша
питкериўшилерден мақтанышы Өзбекстан қаҳарманы Алланияз Утениязовты кафедра
мақтанышы.
Ол өзиниң қалыс ҳызметин
студентлик дәўирлерден баслады. Ол пединститутты 1962 жылы табыслы тамамлап,
мектепте инглис тили пәнинен муғаллим болып 2001 жылға шекем иследи. Сол
жыллары ол өзиниң бос ўақытларында баласы менен гербиш қуйып, кем тәмийнленген
шаңарақларға, нагиранларға
44 тен аслам жай
салып берди. А.Утениязов хурметли дем алысқа шықаннан соң Шымбайда майыплар
үйи, кем тәмийнленген шаңарақлар , жалғыз баслы адамларға, жетимлерге қалыс
ҳызмет етиў ушын
15 гектар
жер алды, бағ орнатты, оның атын «Сақаўат» деп қойды. А.Утениязов көплеген
адамларға шын жүрегинен, шын кеўли менен меҳир-мириўбет көрсеткен, ҳалықтың
алғысына миясар болды.
Инглис тили кафедрасы қәниге
таярлайтуғын кафедра сыпатында НМПИ да
1995 жылы август айында дүзилди. Кафедра республикамыздың өрта
мектеплери, академиялық лицейлер ҳәм колледжлери ушын «Инглис тили ҳәм
әдебияты» қәнигелиги бойынша бакалавр дарежесине йие кадрларды таярлайды.
Ашылған ўақыттан баслап ҳәзирги күнге шекем кафедраны доц. Р.К.Рзаева басқарып
келмекте. Кафедрада 15 оқытыўшы бир илим кандидаты, Кафедрада
көп жыллар даўамында ислеп киятырған,
тажирийбеге үлкен оқытыўшылар Г.Т.Кулумбетова, М.А.Алламбергенов,
Р.Д.Бекмуратова, Т.К.Койшекенова, К.И.Бабаджанова менен биргеликте ассистент
оқытыўшылардан А.Ж.Ауезимбетова, З.К.Саитова, Г.К.Кыдырбаева, Г.Ж.Жалгасбаева,
Б.А.Арзиева, Р.Ш.Сапарниязов, Н.П.Ниетуллаев, Б.У.Калимбетов ҳәм басқа да
қәнигелер жумыс алып бармақта.
Инглис тилин заман талабына сай
дәрежеде оқытыўға кафедрада ҳәмме шараятлар
жаратылған: заманагөй компьютер ҳәм басқа да техникалық үскенелер менен тәмийнленген
еки лингафон кабинети, Өзбекстан мамлекетлик жаҳан тиллер университети, халық
аралық Британия Кеңеси шөлкеми жәрдеминде алынған оқыў - методикалық
әдебиятлар ҳәм көргизбе қураллар бар.
2009-2010 оқыў жылынан баслап
кафедраның оқытыўшылары ҳәм талабалар Британия Кеңеси шөлкеминиң ҳәм ӨзМЖТУ
ғамхорлығында «Оқыў бағдарламаларының реформаластырылыўы ҳәм Өзбекстанда
болажақ инглис тили оқытыўшыларын таярлаў» атамасында республика көлеминде
өткерилип атырған проект жумысларына белсене қатнаспақта. Проект жумысларын
иске асырыў мақсетинде кафедрада 1 курс талабаларынан экспериментал тәжирийбе
топары ашылды.
1999-2001-жыллары АҚШ да кафедра
баслығы Р.К.Рзаева оқытыўшылар Г.А.Бекбергенова ҳәм Г.А.Каллибековалар
2008 жылы М.А.Абдуллаев – ҳалық-аралық ТЕМПУС
шөлкеминиң грант жеңимпазы сыпатында, Франция мәмлекетинде Пьер Мендес атындағы
Гренобль-2 университетинде
С.П. Сапаров Хиндистан,
Хайдарабад қаласында Инглиз ҳәм шет тиллери университетинде «Ҳалық-аралық
тренинг бағдарламасы» бойынша қәнигелигин жетилистирип
қайтты. 2009 жылы Н.М.Жалгасов Германия
мәмлекетинде оқып қайтты.
Кафедраға тажирийбе алмасыў ҳәм жәрдем
бериў
мақсетинде шет еллик кәсиплеслеримизден
Рокхерст университетиниң профессоры Виктория Джоунс, Техас университетиниң
оқытыўшысы Майкл Элмс, Мичиган университетиниң оқытыўшысы Пол Файгенбаум,
Глобал Сорс Нет шөлкеминиң Қарақалпақстандағы ўәкили Ларри Хол бирге ислесиў
сапарында болды, инглис тилин оқытыўда өзлериниң үлеслерин қосты.
Зийрек ҳәм талантлы жаслар келешекте
мәмлекетимиздиң интеллектуал потенциалы болып есапланады, олар
менен илимий-изертлеў жумысларын алып барыў
мәселесине кафедрада айрықша дыққат аўдарылмақта. Инглис тили кафедрасы студент
жасларынан А.О.Юсупова «Умид» Президент қоры грантын жеңип алыўға миясар болып,
АҚШ да Колорадо штатының университетинде оқыўды питкерди, 2004 жылы
А.М.Кенжемуратова Президент стипендиясына миясар болды,
Н.Мадреимова, Л.Жакипова, Р.Рамбергенов,
Р.Садыков Қубла Корея стипендиясына миясар болды.
Рус филологиясы кафедрасы
1990
Рус тили ҳәм әдебияты факультети қайтадан ашылды, деканы болып проф.
К.М.Кощанов иследи.
2001 жылдан
«Рус филологиясы» кафедрасы жумыс ислеп
киятыр.
Пединституттан
рус тили ҳәм әдебиятын раўажланыў тараўындағы
жетискенликлердиң бири «Рус тили ҳәм әдебияты» машқалаларын сәўлелендиретуғын
«Вопросы филологии» атлы топламның
шығыўы
болды.
Бул топлам 1995, 1999, 2001 жыллары баспадан
шықты.
Кафедра ағзалары көп санлы
сабақлықлар, қолланбалар ҳәм монографиялар шығармақта. Солардан
проф.Қ.М.Қощанов, А.У.Умаров «Русский язык» сабақлығы, доц. Т.Ж.Халмуратов
(«Бессоюзные сложные предложения однородного состава современного русского
языка в аспекте проблемы тождеств и различий»), Т.Ж.Халмуратов ҳәм
проф.А.У.Умаров «Краткий учебный словарь эпитетов русского языка (пособие для
студентов и учащихся)», мийнетлерин атап өтиўге болады.
Рус филологиясы кафедрасы Озбекстан
республикасы колеминде илимий-әмелий ҳәм илимий теориялық анжуманлар
шөлкемлестирип турады. Атап айтсак,
Зийрек талабалардын ҳәм олардың илимий басшыларының I-республикалық илимий-әмелий
конференциясы: «Рус тилиниң илимий изертлеў ҳәм оқыў-тәрбиялық процессиндеги
жоқары ҳәм орта оқыў орынларында, мектеплердеги әҳмийети» (18-19 январь 2006 ж)
деп аталды.
Ҳәзирги ўақытта кафедрада 1
профессор, 7 илим кандидаты, доцентлер, 4 үлкен оқытыўшы, 7 ассистент оқытыўшы
жумыс ислейди.
Факультет аралық рус тилин үйретиўде
тәжирийбели оқытыўшылар доц. К.С.Сапаров, доц. К.П.Сеитова, аға оқытыўшылар
С.А.Исметуллаева, З.А.Турабаева, А.Ю.Алламбергенова,
Г.Ж.Толегенова, ассистент-оқытыўшылар
Г.К.Кощанова, Р.А.Абдуллаева, Н.А.Рябикина, М.И.Григорьевалар аянбай мийнет
етип атыр.
Факультетлерарашет тиллери кафедрасы
1990 жылы институтымыз НМПИ болып
қайта қурылыў дәўиринде кафедрада алты оқытыўшы болып, П.Қурбаназаров кафедра
баслығы болып бекитилди. 1992-1994 оқыў жылында кафедра баслығы Қ.Оразбаев, 1994-1997
оқыў жылы аралығында П. Қурбаназаров 1997-1999, 1999-2001 оқыў жылында
Қ.Қиясова
, 2001-2004 оқыў жылларда
Б.Шаниязов
2004-2009 оқыў жылларында
Х.Джуманазаровалар кафедра баслығы болды. Ҳәзирги күнде кафедра баслығы болып
ф.и.к. Н.Хамидов ислеп атыр. Ҳәзирги күнде кафедрада 26 профессор-оқытыўшы
талабаларға билим, илим сырларын үйретип келмекте.
Кафедрамыз профессоры ф.и.к.
П.Қурбаназаров бир қанша оқыў әдебиятларының авторы. Соның ишинде 1968-жылы
басылып шыққан «Англичан-қарақалпақ тили сөзлиги», 1974-жылы баспадан шыққан
«Англичан тилиниң грамматикасы» (Морфология), 1974-жылы басылып шыққан
«Қарақалпақ-англичан сөзлиги», «Англичан-қарақалпақ-орыс тиллериндеги сөйлесиў
сөзлигин» келтирип өтиўге болады. Шет тили қанигелиги бойынша жоқары мағлыўматлы
педагогларды таярлап шығарыўдағы көп жыллық жемисли мийнетлери ылайықлы
баҳаланбақта.
2009-2010-оқыў жылында
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм Орта арнаўлы билимлендириў министрлиги,
Өзбекстан Мәмлекетлик Жәҳән тиллер университети, Британия кеңеси басшылығында PRESETT проект
жумысы алып барылды ҳәм бул проектке Шет тиллери
факультети белсене қатнаспақта.
Баслаўыш тәлим факультети
1958-жылдан
баслап
институтта баслаўыш классларға
жоқарғы мағлўматлы оқытыўшылар таярлайтуғын
педагогика факультети ашылды.
1962-1963 оқыў
жылынан 1978-1979 оқыў жылына шекем факультетте ишки ҳәм сыртқы бөлимлеринең
3000 ға
шамалас студент жаслар питкерип,
республикамыздағы мектеплеринде
жоқары
мағлыўматлы баслаўыш класс муғаллимлери болып ислеп баслады.
1976 жылы
Қарақалпақ мәмлекетлик педагогика институтының Қарақалпақ Мәмлекетлик
университетине айланыўына байланыслы бул оқыў орнында жоқары мағлыўматлы
баслаўыш класс муғаллимлерин таярлап бериў үзилиске түсти, соған байланыслы
Республикамызда
орта мағлыўматлы
баслаўыш класс муғаллимлери Хожели, Шымбай,
Беруни, Ак Манғыт хам Нөкис педагогикалық училищелеринде
таярлана баслады.
1987-88 оқыў
жылы
Республикамыздың орта мектеплерине
баслаўыш тәлим
класс муғаллимниң
зәрүрлигине байланыслы Қарақалпақ Мәмлекетлик Университети базасында
педагогика бөлими жаңадан ашылды ҳәм бул
бөлимде
баслаўыш класс муғаллимлери ушын
3 топар ҳәм мектепке шекемги тәрбия мекемелерине тәрбияшысы қәнигелигине 2
топар студентлер қабыл алынды.
1990 жылы бул
факультетке профессор Қ Қосназаров (1990-1993 жыллар) басшылық етти.
Буннан кейин факультетке доцент
А. Пазылов (1993-2002 ж. март),
доцент П. Нажимов (2003- 2008 ж.), доцнет
Ж.Жалғасбаев (2008-2010 жыллар) ал
2010 жылдың
январь айынан баслап доцент Ш.Сапаров
басшылық етпекте.
Ҳәзирги ўақытта
факультетте 2 кафедра ҳәрекет етип «Улыўма педагогика ҳәм психология» кафедрасына,
доцент Б Султамуратов, У.Сейтжанова, И.Алланиязов ҳәм
педагогика илимлеринин кандидаты Ф
Бердановалар
басшыллық
етти,
ал ҳәзирги ўақытта
доцент
И. Алланиязов басшылық етпекте.
«Баслаўыш тәлим методикасы» кафедрасын
1990-1997-жыллары аралығында профессор
А.Қожанов, Ж.Қайырбаевлар ҳәм тағы басқалар. Ал ҳәзирги ўақытта кафедраны профессор
М. Айымбетов басқармақта.
Ҳәзирги
ўақытқа шекем факультеттиң профессор-оқыўшылары
53 оқыў методикалық қолланба, 9 илимий моногрфия, 21 ден аслам оқыў
сабақлықлары баспадан шығарды.
Институт
көлеминде бекитилген реже бойынша
факультет профессор- оқытыўшылары турақлы түрде
өз маманлығын Ташкент, Самарканд қалаларында,
Қарақалпақ Мәмлекетлик Университети қасында шөлкемлестирилген қайта таярлаў ҳәм
қәнигелигин арттырыў курсларында оқып келмекте. Соның менен бирге
факультет профессор-оқытыўшыларынан
6 оқытыўшы
Ташкент қаласында 4 айлық қайта таярлаў курсларын питкерип келди (2008
жыл
февраль-май).
Ҳәзирги ўақытта
факультетте улыўма 35 ден аслам
профессор-оқытыўшылар
жасларға
тәлим береди солардан:
1 академик 4
илим докторы, профессор; 14
илим
кандидаты ҳәм
доцентлер
жумыс ислеп, улыўма 685 талаба оқып билим
алмакта.
2002-2003 оқыў жылынан баслап
институтымызда баслаўыш тәлим қәнигелиги бойынша магистратура ашылып, ҳәзирги
ўақытлары
усы кәнигелик бойынша 16
магистрант
оқып атыр.
«Баслаўыш тәлим методикасы» кафедрасы
«Баслаўыш тәлим методикасы» кафедрасы биринши баслығы дәслеп 1966-жылы
шөлкемлестирип оған профессор Ж.Орынбаев Қ.Қосназаровлар
басшылық еткен. 1990-жыл профессор А.Нажимов
1992-жыл профессор Ж.Кайырбаев, 1998-жылдан ҳәзирги күнге шекем М.Айымбетов
басқарып келмекте.
«Баслаўыш тәлим методикасы» кафедрасында 1 илим докторы, 3 илим
кондидатлары, 8 аға оқытыўшы ҳәм ассистентлер жумыс ислейды.
Кафедрада халық аралық байланыслар
бойынша да тынымсыз излениўлер алып барылады. 2007-жылы проф. М.Қ.Айымбетов
Туркияда Истамбул университетинде болып өткен Халық аралық туркологиялық
конгресте «Туркий тиллердиң бейимлесиў системасы» атамасындағы баянаты менен
қатнасып қайтты. Ол Өзбекстан республикасы халық билимлендириў ағласы,
Өзбекстан Министрлери Кабинети жанындағы Жоқарғы Аттестация Комиссиясының
эксперт кеңесиниң (2001-2002), ҚМУ жанындағы қәнигелестирилген докторлық илимий
кеңестиң ағзасы болып сайланып, республикамызға илимий дәрежели кадрларды
таярлаўға өз үлесин қосып келмекте.
Кафедрадағы еки илим кандидаты
Н.Бекниязова менен М.Ембергеновалар доцентлик илимий атағын алыўға еристи.
Баслаўыш билимлендириў қәнигелигиниң
раўажланыўы жолына нәзер салар екенбиз онда Қарақалпақстан Республикасына
мийнети сиңген илим ғайраткери, Өзбекстанға хызмет көрсеткен илим ғайраткери,
педагогика илимлериниң докторы Жүмек Орынбаев, Қарақалпақстан Республикасы
халық билимлендириў хызметкери
мийнети
сиңген, педагогика илимлериниң кандидаты, проф. Қутмамбет Қосназаров,
Карақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў
хызметкери
, педагогика илимлериниң
кандидаты, профессор Жумырбай Қайырбаевлардың айрықша хызмет көрсеткенликлерин
атап өтиўимиз орынлы.
Белгили сатирик жазыўшы Муратбай
Нызанов, шайырлары Теңелбай Сарсенбаев ҳәм Сейдабулла Пиржановлар баслаўыш
билимлендириў методикасы кафедрасының профессор-оқытыўшыларынан билим алған.
«Улыўма педагогика» кафедрасы
«Улыўма педагогика» кафедрасы ең дәслеп 1934
жылы шөлкемлестирилген. 1935 жыл кафедраны доц. Н.Д.Шепкина басқарған.
1950 жылы «Педагогика ҳәм
психология» кафедрасында проф. С.А.Манъковский, Р.Муратова, М.Бекташев,
Ж.Урумбаев, М.Перцова, У.Пренов, И.Голъштейн ҳәм басқалар иследи. 1956-60 жылға
дейин «Педагогика ҳәм психология» кафедрасының баслығы болып доцент, психология
илимлери кандидаты А.Б.Бекбасов ислеген. 1960 жылы кафедра баслығы болып доц.
Р.Т.Тимашева сайланған.
1967-1973 жыллары кафедраға
педагогика илимлери докторы Ж.Урумбаев басшылық етти. 1990-1994 жылға дейин
кафедраға п.и.к. Б.Султамуратов басшылық етеди. 1994-1997 жылларда кафедраға
педагогика илимлери докторы Ө.Әлеўов басқарған. Усы жыллар даўамында кафедраның
илимий потенциялы белгили дәрежеде беккемленеди. Кафедра оқытыўшыларынан
Ш.Сапаров, М.Өтепбергеновлар Низамий атындағы Ташкент педагогика институтының
аспирантурасын табыслы тамамлап, диссертациясын жақлап, психология илимлери
кандидаты илимий дәрежесин ийеледи.
1995-жылы кафедра «Педагогика» ҳәм
«Психология» кафедрасы болып екиге ажыралады. Кафедраға 1997-1999 жыллары доц.
п.и.к. И.Алланиязов,
1999-2007 жыллары
доц. п.и.к. У.Сейтжанова, 2007-2009 жыллары п.и.к. П.Берданова басшылық еткен. Ҳәзир
«Улыўма педагогика» кафедрасына 2009-жылдың сентябрь айынан баслап доц. п.и.к.
И.Алланиязов басшылық етип келмекте.
Кафедраның
илимий потенциялы жоқары дәрежеге көтерилип, ҳәзирги күнде кафедрада 6 доцент,
5 педагогика илимлериниң кандидаты, 5 аға оқытыўшы ҳәм 8 ассистент оқытыўшы
хызмет етпекте. Мектепке шекемги тәрбия факультетинде «Педагогика ҳәм
психология» бағдары бойынша 18 пәннен сабақ оқытылады. Талабалардың өз кәсибин
тереңнен өзлестириў ушын кафедра да «Жас педагоглар» дөгереги
шөлкемлестирилген.
Кафедрада профессор-оқытыўшылар
тәрепинен илимий мақалалар, монографиялар, сабақлықлар ҳәм методикалық
қолланбалар жаратыў ислери жақсы жолға қойылған. Кафедраның доценти
А.Пазыловтың «Педагогика» сабақлығы, Нөкис «Билим» 2009 жыл, «Тәрбия ҳаққында
ойлар» оқыў қолланбасы, Нөкис «Билим» 2008 жыл, «Талаба амалиётчилар учун
методик қўлланма» методикалық қолланбасы, Нөкис «Билим» 2009 жыл баспадан шықты
ҳәм п.и.к. Т.Жиемуратовтың «Жас өспиримлерди өзлигин аңлаўға уйретиў
тийкарлары», Нөкис 2009 жыл методикалық қолланбасы, п.и.к. Р.Нуржанованың
«Бошланғич таълим мазмунининг янги моделлари», Тошкент ЎзФА «Фан», 2007-жылы
монографиясы, «Умумий ўрта таълим мазмунини модернизациялашнинг дидактик
параметрлари», Тошкент ЎзФА «Фан», 2008-жылы монографиясы баспадан шықты.
1990-жылы «Мектепке шекемги тәрбия»
факультети
шөлкемлестирилип. факультетке
профессор
Ж.Нарымбетов,
1992-жылы профессор Ө.Алеўов, 1994-жылы профессор О.Доспанов, 1998-жылы доцент
Т.Халмуратов, 2000-жылы доцент Д.Тажимуратов ҳәм
доцент Ш.Сапаровлар декан лаўазымында
басшылық етти.
2005-жылы сентябрьде
Баслаўыш тәлим методикасы ҳәм Мектепке
шекемги тәрбия факультетлери биригип, Педагогика факультети деп аталды.
2005-жылы
факультетти
ф.и.к.П.Нажимов, 2008-жылдың октябрь айынан
баслап п.и.к. Қ.Сейтмуратов басқарды.
Ҳәзирги ўақытта
факультетке
доцент. К.Жақсымуратов басшылық етип келмекте.
Факультет
студентлери арасында илим-изетлеў жумысларына өз қызығыўшылығы менен 30 дан
аслам зийрек талабалар қәлем тербетип илимий әнжуманларда өз мақалалары менен
үзликсиз, белсенди қатнасып келмекте. Талабалардың қызығыўшылықларын есапқа ала
отырып кафедралар тәрепинен
«Жас
психолог»,
«Архитектор», «Жас сүўретши»,
«Жас тәрбияшы»,
«Дуўтаршылар» ҳәм т.б.
дөгерек шөлкемлери өз режелери тийкарында жумыс алып бармақта.
Музыкалық
тәлим»
кафедрасы
«Музыкалық
тәлим» кафедрасы 1991 жылы «Мектепке шекемги тәрбия факультетиниң
қурамында «Музыкалық тәрбия» кафедрасы болып ашылды. Кафедра
баслығы
лаўазымына
Бердақ атындағы
республикалық
сыйлықтың лауреаты аға
оқытыўшы С.Палўанов тастыйықланды. Усы жыллары
бул кафедрада С. Медетов, Д. Айсина, М. Бердибеков, С.
Кенжебаевалар
музыка
қәнигелиги
бойынша 17 талабаға
билим
берди. 1992 жылы 7-октябрден
баслап
кафедраға И.Жуманиязов,
Ғ.
Аманиязов,
К.Асқаров,
Е.Тлеўов,
Т.Ешбаев, Қ.Айекеев, С.Тажетдиновалар
жумысқа
алынды. Сол ўақытлары
институт жаслары арасында
Ж.Базарбаев
сөзине С.Палўанов музыкасын жазған «Студентлер қосығы» атлы хоры
кең таралып
институт
жылларының гимнине
айланды.
26-сентябрь
1993-жылы «Музыкалық
тәрбия»
кафедрасынан «Музыка әсбаплары»
кафедрасы
бөлинип
шықты
ҳәм
кафедра
баслығы
лаўазымына
аға
оқытыўшы
Қарақалпақстан Речпубликасына
мийнети
сиңген
көркем
өнер
ғайраткери
Қ.Асқаров
тастыйықланды.
3-декабрь
1994
жылы
«Музыка теориясы
ҳәм
вокал»
кафедрасы ашылды
ҳәм
кафедра
баслығы
лаўазымына
аға оқытыўшы
Ғ. Аманиязов
бекитилди.
Кафедра
профессор
оқытыўшылары
тәрепинен
19
жыл
даўамында
көплеген
илимий
мийнетлер
жазылды.
Атап
айтқанда:
профессор Ғ. Аманиязов
тәрепинен
1– класстан
5
классқа
шекем сабаклығы
«Билим» баспасынан шығарылды. 2008 – жылы
Ташкент
Ғафур
Ғулом
атындағы
баспа – дөретиўшилик
үйинен
7 – класс
ушын «Музыка»
сабақлығы
баспадан
шықты.
«Музыкалық
тәлим»
қәнигелигин питкериўшилери
Қарақалпакстан
Республикасы
билимлендириў
тараўында
жас
әўладты
тәрбиялаў
барысында
белсене
жумыс
алып
барыў менен бирге жәмийетлик жумысларда да
өзлерин көрсетпекте.
Олардан Мурат
Атамуратов 2007-2009-жыллары Өзбекстан Республикасы «Камолот» ж.ж.Х
Қарақалпақстан Кеңеси баслығы лаўазымында иследи, Қарақалпақстанға
хызмет
көрсеткен
артист
сержант
Ринат Ражапов,
«Нихол»
сыйлығының
лауреаты
Гулназ Утепова
ҳәм
жыраў
Бахтияр Есемуратов «Әмиў
толқыны» ансамблиниң директоры лаўазымында ислеп
келмекте.
Жасларларға
миллий идеяны сиңдириўде, фольклорды,
халық үрп-әдет дәстүрлерин, миллий халық намаларын үйрениў арқалы миллий
мәдений мәнаўий мирасхорын қәлиплестириў ушын жасларды еркин дөретиўшиликке
тартып, оларда атқарыўшылық уқыбын арттырыўда ҳәм оларды жәриялаўда бир қанша
жумыслар алып барылды. 1998-1999-жылы Ташкент қаласында өткерилген Өзбекстан
Республикасы жоқары оқыў орынларының «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» жарысында
институтымыздың «Туран» жәмәәтин таярлаған кафедра аға оқытыўшысы А.Аллановтың
сахналастырған композициясы 2-орынды алды, «Өмир дәрьясы» атлы спектакли
2002-жылы «Нихол-2002» талабалар театры фестивалында лауреат дипломын алыўға
еристи. Усындай хызметлери ушын А.Алланов 2006-жылы «Шухрат» медалы менен сыйлықланды.
Кафедра
доценти И.Жуманиязовтың таярлаған композициясы 2004-жылы Өзбекстан Республикасы
жоқары оқыў орынларының «Өзбекстан қосық байрамы» көрик-таңлаўының жеңимпазы
болды. Кафедра оқытыўшысы Айгүл Надырова Өзбекстан республикасы көлеминде
өткерилген барлық концерт бағдарламаларының қатнасыўшысы болып келмекте.
Қәнигелигимиз талабаларынан 2008-жылы Халық билимлендириў
министрлиги тәрепинен өткерилген «Диярым тароналари» көрик-танлаўында 3-курс
талабасы Утемуратова Элонора «Ең жақсы жеке атқарыўшы ушын» номинациясын жеңип
алған болса, ал 2009-жылы Наўайы қаласында өткерилген «Ең жақсы фольклор
жәмәәти» атлы көрик-таңлаўда 1-курс талабасы Алланиязова Урхия «Ең жақсы жеке
ләпәрши» номинациясын жеңип алды.
«СҮЎРЕТЛЕЎ ӨНЕРИ ҲӘМ СЫЗЫЎ» кафедрасы
Мектепке шекемги тәрбия»
факультетиниң қурамында «Сүўретлеў өнери ҳәм сызыў» кафедрасыжумыс алып бармақта. 1992-жылы
«Сызыў, сүўретлеў өнери ҳәм шығыс халық өнерментшилиги» қәнигелиги ашылып,
бул қәнигеликке 50 талаба қабыл етилди.
Кафедра баслығы болып Бердақ атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты,
Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, Ж.Изентаев сайланды.
1995-жылы
«Музыка, сүўретлеў өнери ҳәм сызыў» факультети
ашылып, усы факультет
курамында «Сүўретлеў өнери ҳәм сызыў»
кафедрасы өз жумысын даўам еттирди.
Кафедра
аға оқытыўшысы
өзиниң дөретиўшилик
мийнетлери менен айрықша көзге түсип, Б.Айтмуратов 1996-жылы Саҳыбқыран Әмир
Темур атына өткерилген Республикалық көрик танлаўда
1-орын жеңимпазы болды. Ал, 1998-жылы бабамыз
Бердақтын 170-жыллығына бағышланған, 1999-жылы Әжинияз бабамыз атына өткерилген
конкурсларда биринши дәрежели сыйлығы менен сыйлықланды.2000-жылы Б.Айтмуратов
Өзбекстан көлеминде өткерилген «Ең уллы, ең әзийз» көрик танлаўының жеңимпазы
болды. 2001-жылы Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем-өнер ғайраткери атагын
алыўға мияссар болды. Соның менен бирге «Ерназар Алакөз» картинасы ушын
Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың
лауреаты атағын алыўға еристи.
Кафедра
аға оқытыўшы Ж.Дарменов 2006-жылы «Педагогикалық жоқары оқыў орынларының
сүўретлеў өнери қәнийгелиги факультетлериниң миллий халық дөретпелерин
үйретиўдиң теориясы ҳәм методикасы (Қарақалпақ халық көркем әмелий өнери
мысалында)» кандидатлық диссертациясы
2007-жыл кафедра аға оқытыўшысы Х.Аляминов «Оқыўшыларға
көркем-эстетикалық тәлим бериўде үлкетаныў материалларынан пайдаланыў
(Қарақалпақстан Республикасы улыўма орта тәлим мектеплериниң 5-7
класслары мысалында)»
диссертацияларын табыслы жақлап шықты.
Кафедраға қараслы 2 дөгерек «Жас
сүўретши», «Архитектор» дөгереклери жумыс ислеп, оған тәжирийбели оқытыўшылар
басшылық етип, 20
дан аслам
талабалар шуғылланып келмекте.
«Мектепке
шекемги тәлим» кафедрасы
Бугинги куни «Мектепке шекемги тәрбия»
факультети қурамында табыслы хызмет етип атырған «Мектепке шекемги тәлим»
кафедрасы 1990 жылы сентябрь айында ашылды. Кафедраны
усы ўақыттан баслап ҳәр қыйлы жылларды деканат А.Пазызов, Тажимуратов,
Р.Сейтимбетова, Т.Сапарбаев, Н.Бекназаровалар басқарды. Көп жыллар даўамында
бул кафедрада республикамызға белгили устазлар ислеп келген. Атап айтқанда,
М.Утепбергенова, Е.Н.Забирова, Н.С.Барыбина, Р.Ю.Сейтимбетова, Ж.А.Бекманова,
Ж.Қайыпназарова, У.Сейтжанова, Е.Уразимбетов, Ж.Абдираманов, А.Мырзамбетов, К.А.Есенбаева,
А.Давлетмуратова, Б.Халмуратова, О.Усманов, Б.Абдуллаева, Ж.Кенжебаева,
А.Даўлетовалар кафедраның раўажланыўына үлкен үлес қоскан.
2002
жылы «Мектепке шекемги тәлим» кафедрасын доцент А. Пазылов басқаран дәўирде
«Тәлим-тәрбия машқалалары» атамасында Нөкис «Билим» баспасында илимий-топлам
шығарылды. Бул топламда шешилиўи зәрур болған машқалалар бойынша кафедра
профессор-оқытыўшылары ҳәм зийрек талабалардың илимий мийнетлери жарық көрди.
Ҳәзирги
ўақытта кафедраға
педагогика илимлери
кандидаты Алеўова Райхан Шарибаевна басшылық етип келмекте. Бүгинги күнде
кафедра қурамында 8 профессор-оқытыўшы солардан: 2 илим кандидаты, 1 аға
оқытыўшы, қалғанлары ассистент оқытыўшылар ислап атыр. «Кадрларды таярлау
миллий дастурини»нин
биринши буўыны
болған мектепке шекемги тәлим-тарбия уазыйпаларын әмелге асырыўда кафедра
ағзалары тәрепинен бир канша унамлы жумыслар исленбекте, әсиресе кафедра
ағзалары тәрепинен сонғы жыллар ишинде талабалар ушын монография,
оқыў-методикалық қолланбалар, сондай-ак, көплеген илимий мақалалар баспадан
шығарылды.
Кафедрада
илимий-методикалық ҳәм оқыў – методикалық семинарлар шөлкемлескен болып,
кафедра ағзалары оларда өз хызметлерин ҳәр тәреплеме көрсетип келмекте.
Талабалардың илим-изертлеў ҳәм оқыў-методикалық жумысларын жанландырыў
мақсетинде кафедра қасында «Жас тәрбияшы» дөгереги, талабалардың теориялық
жақтан алған билимлерин беккемлеў мақсетинде «Қуўыршақ театры»
шөлкемлестирилген.
2008 жылы «Мектепке шекемги
тәлим ҳәм балалар спорты» қәнигелигиниң 4 курс талабасы М.Собирова
Өзбекстан Республикасы Президенти
стипендианты болыўға мияссар
болды.
Профессор-оқытыўшылар
«Мектепке шекемги жастағы балалардың педагогикалық-психологиялық өзгешеликлерин
үйрениў» деп аталған кафедраның баслы илимий темасы болған бағдар бойынша өзлериниң
илимий-изертлеў жумысларын алып бармақта.
«Педагогика ҳәм психология»
кафедрасы
Бүгинги
күни «Мектепке шекемги тарбия» факультети қурамындағы табыслы хызмет көрсетип
атырған «Педагогика ҳәм психология» (қәнийгелик)
кафедрасы 1996 жылы ноябрь айында
«Психология» кафедрасы болып өз алдына шөлкемлескен еди. Алдын ол факультетлерара «Педагогика
ҳәм психология» кафедрасы қурамында болып келген.
Сол себепли де кафедра өзиниң бай тарийхына
ийе. Ҳәр қыйлы дәўирлерде
бул кафедрада
республикамызға белгили устазлар ҳәм атақлы илимпазлар жумыс ислеп келген. Атап
айтқанда, п.и.д., проф. Ж.Орынбаев, п.и.к.,доц. Р.Г.Тимашева, пс.и.к.,
доц.А.Бекбасов, п.и.к., доц.Ж.Қаирбаев, п.и.к., доц. К.Қосназаров, п.и.к.,доц.
Б.Султамуратов, п.и.д., проф. О.Алеуов,
аға оқытыўшылар Г.Нажимов, Д.Алламахова, М.А.Довгопол, Ш.Ниязымбетова,
Н.Ғаниев, Д.Юсупов, Н.Таженов, оқытыўшылар Б.Джуманиязов, Б.Аметов,
З.Матуразова
кафедраның қәлиплесиўине
ҳәм раўажланыўына өзлериниң белсене үлеслерин қосқан.
1996 жылдан 2008 жылға шекем кафедра
факультетлерара «Психология» кафедрасы аты менен аталып келген еди. Ол
қәнийгелик шығарыўшы «Педагогика ҳәм психология» кафедрасы болып қайта
шөлкемлести.
Кафедрада соңғы жыллар
ишинде бир қатар илим кандидатлары жетилисип шықты (М.Утепбергенов, Ч.Сапаров,
З.Клычева, З.Шеримбетова).
Бүгинги күнде
кафедра курамында 13 профессор-оқытыўшы солардан: 4 илим кандидаты ҳәм доцент,
3 аға оқытыўшы, қалғанлары – ассистент оқытыўшылар жумыс ислейди.
Кафедра ағзалары соңғы жыллар ишинде
талабалар ушын бир қатар оқыў-методикалық қолланбалар, монографиялар, бир неше
лекция топламларын, сондай-ақ, көплеген илимий мақала ҳәм тезислерин
белгили баспалардан шығарып оқыўшыларға инам
етти. Талабалардың илимий-изертлеў ҳәм оқыў-методикалық жумысларын
жеделлестириў мақсетинде кафедра
жанында
«Жас психолог» илимий дөгереги шөлкемлестирилген. Бунда кафедра ағзалары зийрек
талабалар менен даўамлы рәўиште жумыс алып бармақта хам бул ислер өз
нәтийжелерин көрсетпекте. Республикалық пән Олимпиадаларында кафедраның
таярлаған талабалары айрықша орынларды алыўға миясар болды (2006 -жыл Аляминова
Юлдуз). 2005 ҳәм 2007 жылларында кафедраның зийрек талабаларынан Амангул
Турдымуратова ҳәм Наргиза Сагиндикова
Науайы атындағы мәмлекетлик стипендиатлары болған болса, Абдиева Раушан
«Өзбекстан мәденияты ҳәм көркем-өнер форумы» ҳәм «Меҳир нуры» Республикалық
Жамғармаларының «Зийрек талабалар ушын стипендиялар дәстүри» жеңимпазы атағын
алыўға миясар болды.
Профессор-оқытыўшылар
«Үзликсиз тәлим тизиминде еркин пикирлеўши шахсты тәрбиялаўдың
педагогикалық-психологиялық тийкарлары» деп аталған кафедраның баслы илимий
темасы болған бағдар бойынша өзлериниң илимий-изертлеў жумысларын жемисли алып
бармақта.
Дене тәрбиясы факультети
Қарақалпақ мәмлекетлик
педагогикалық институтта 1947-жылы арнаўлы факультетлер аралық дене тәрбиясы
кафедрасы дүзиледи ҳәм бул
кафедраға
спортшы Хамид Хабибуллин басшылық еткен. 1956-жылы қарақалпақ мәмлекетлик
педагогикалық институтында дене тәрбиясы факультети ашылды ҳәм сол жылы
факультетке 50 студент қабыл етилди. Дене тәрбиясы факультетине декан
лаўазымына П.Ф.Лесгафт атындағы Ленинград мәмлекетлик дене тәрбиясы институты
питкериўшиси Е.В.Красникова тайынланды. Дене тәрбиясы теориясы ҳәм методикасы
кафедрасын басқарыў Е.П.Хотенкоға жүкленди.
Факультет профессор-оқытыўшылар қурамы сол жыллары орайлық институт
пикериўшилеринен қуралды. Олар Москва мәмлекетлик дене тәрбиясы институты
питкериўшилери Қ.Гулимбетов, Қ.Т.Кагарманов ҳәм А.И.Изимбетовлар, сондай ақ
Ленинград мәмлекетлик дене тәрбиясы институты питкериўшилери В.И.Соловьев ,
В.Ф.Пушкин ҳәм де Тбилиси мәмлекетлик дене тәрбиясы институты питкериўшилери
Р.Г.Библис, Э.М.Осиповлар еди.
Институттың сол ўақытлардағы дене
тәрбиясы факультетиниң ҳәм басқада факультетлерде оқып билим алыўшы спортшы
студентлердиң өзлериниң спорт түри менен шуғылландырған устазларының шебер
басшылығы нәтийжесинде Өзбекстан Республикасы сайланды командасы қатарында
Москва қаласында өткерилген СССР халықлары I- спартакиадасына қатнасып қайтты, олардан
юнон-рим гүреси бойынша Н.Зайтов, ескек есиў спорты бойынша Н.Осетров,
Т.Кублашев, К.Ахмедов, И.Федотов, В.Терехин ҳәм Н.Власенколар болды.
1990-2005 жыллар аралығында
факультет деканы лаўазымында спорт устасы Ш.Мустафаев, б.и.к Б.Жиенбаев,
доц.К.Нурымбетов, доц.А.Айтниязов, доц.Ж.Мамбетов ҳәм А.Утепбергеновлар
басқарды, 2005 жылдан факультетке
п.и.к
А.Ниязов басшылық етип келмекте.
Усы жыллары факультет кафедраларын
проф.П.Шылманов, б.и.к П.Оспанов, п.и.к.Ш.Оразов, п.и.к О.Өтенов, п.и.к.
Б.Қайпов, доц.А.Айтниязов, доц.Ж.Мамбетов, аға оқытыўшылар Д.Ниязымбетов,
А.Жуманов, М.Абутов ,А.Реймовлар басқарып келди.
2005 жылдан институт факультет ҳәм
кафедраларының бириктирилиўине байланыслы дене тәрбиясы теориясы ҳәм
әмелияты
кафедрасын п.и.к Б.Кайпов басқарды
, 2009 жылдың сентябрь айынан баслап бул кафедраны аға оқытыўшы А.Утепбергенов
басқарып келмекте.
Ҳәзирги дәўирде Дене тәрбиясы
факультетинде 42 профессор-оқытыўшылар студентлер жасларға билим берип
келмекте, соннан 4 илим кандидаты, 2 доцент,
13 аға оқытыўшы, 23 ассистент
оқытыўшы жаслар билим алып атыр.
Факультеттиң материаллық техникалық
базасын бекемлеўде айтарлықтай дәрежеде ҳәзирги заман талабына сай жумыслар
исленбекте.
Факультет
профессор-оқытыўшылары Дене тәрбиясы қәнигелиги бойынша студент жаслар арасында
спорттын әҳмийетин түсиндириў ҳәм оларды спортқа қызықтырыўда өзлериниң
салмақлы үлеслерин қоспақта, олардан А.Казаков Волейбол спорты бойынша қызлар
сайланды командасын таярлап Өзбекстан Республикасы жоқары орынлары арасында
өткерилетуғын «Универсиада-2007» спорт жарысларының чемпионы болды,буннан басқа
бул команда
Өзбекистан Республикасының
бириншиликлери ҳәм Кубок жарысларында сыйлықлы орынларды ийеледи,
Футбол командасы Қарақалпақстан
РРРР Республикасы бириншилиги ҳәм
Кубок жарысларының жеңимпазы бул командаға
Ж.Бекмуратов ҳәм А.Ниязовлар басшылық етеди.
Спорттың гүрес түрлеринен спорт
шебери А.Утепбергенов, спорт шеберлигине талабан Н.Даўлетияровлар жас
палўанларды жарысларға таярлап үлкен нәтийжелерге ерисип келмекте. Олардан
Өзбекистан Республикасының чемпионлары спорт шеберлери А.Абдухаликов,
А.Жапақова,У.Кошмуратова, буннан басқада спорттың қол тобы бойынша
К.Нажимов, Ж.Мырзамуратов, Б.Тлеуов,
баскетбол бойынша А.Ережепов, волейбол түринен Р.Шылмановлар студент жасларды
жарысларға таярлап жақсы нәтийжелерге ерисип келмекте.
Кафедра профессор-оқытыўшылары
тәрепинен
5 сабақлық, 6 окыў методикалық
қолланба баспада жәрияланды. Илимий-изертлеў жумыслары бойынша соңғы бес жылда
факультет профессор-оқытыўшыларынан Б.Каипов, А.Ниязовлар кандидатының
диссертациясын
илимий жақлап шықты ҳәм
излениўши А.Утепбергенов илимий жумысларын жақлаў алдында тур. Сондай-ақ
факультет профессор-оқытыўшылары билимин жетилистириў курсларында,семинарларда
өз қәнийгелиги бойынша заман талабына сай беккемлеп бармақта.
Факультетлер ара дене тәрбиясы кафедрасы
Институтта дене тәрбиясы жумысларын
раўажландырыўға Сабыр Камалов салмақлы үлесин қосты. 1945-жылы февраль айында
урыстан келган Сабыр Камалов әскерий ислер кабинетине аға окытыўшы болып
жумысқа орынласады. 1947-жылы институтта факультетлер ара дене тәрбиясы
кафедрасы дүзиледи. Бул кафедраға спортшы Ҳамид Ҳабибулин басшылық етеди.
1990-2004 жыллар аралығында
факультетлер ара дене тәрбиясы кафедрасын К. Нурымбетов, П.Шылманов, Д.Ниязымбетов,
Ж.Мамбетов, А.Айтниязов ҳәм
А.Ережеповлар басқарып келди. 2004-жылдан баслап факультетлер ара дене
тәрбиясы кафедрасын
Өзбекстанға мийнети
сиңген
мәденият хызметкери, гүрестиң үш
түри бойынша спорт устасы Ж. Мамбетов басқарып келмекте.
Ҳәзирги
ўақытта кафедрада 12 профессор-оқытыўшы ислейди. Кафедра оқытыўшылары жасларға
тыянақлы билим берип қоймастан, республикамыздың жәмийетлик ислеринде де
белсене қатнасып келмекте. Кафедра ағзасы Мақсет Утемуратов «Ниҳол» сыйлығының
лаўреаты, Қарақалпақстан республикасына мийнети синген артист, 2004-жылы
қалалық кеңеске депутат, 2009 жылы Қарақалпақстан Республикасы жоқарғы кеңесине
депутатлыққа сайланды.
Кафедра ағзасы
П.Қалжанов
еркин гүрес бойынша усталыққа талабан, бир қатар методикалық қолланбалар
ҳәм илимий мақалалардың
авторы.
Кафедраның аға оқытыўшысы Ж.
Султамуратов,
Дзюдо бойыннша бурынғы
аўқамның спорт устасы, бир неше методикалық қолланбалардың авторы.
Кафедраның оқытыўшылары П.
Мырзамбетов
Б. Даўлетов, А. Жуманов, С.
Алланиязов, А. Бекназаров, Г. Утепбергенов, Ҳ. Қуниязовлар институтымыздың
студенти жаслары арасында дене тарбиясы ҳәм спорттың әҳмийетин түсиндириў,
үйретиўде оларды массалық спотт түрлерине тартыўда
мийнет ислеп келмекте.
Магистратура бөлими
Мәмлекетте Президентимиз пәрманы менен
социал-экономикалық тараўларда жүз берип атырған түптен өзгериўлер менен бир
қатарда билимлендириў тараўында да үлкен өзгерислер жүз берди. Билимлендириў
системасындағы өзгерислердиң нәтийжеси ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқары оқыў
орынларына қабыл етиў комиссиясының 2002-жыл 14-июндағы 2 санлы протоколына
тийкарланып магистратураға «Математика» қәнигелиги бойынша
3 магистрант, «Баслаўыш тәлим» қәнигелиги
бойынша 2 магистрант, «Қарақалпақ тили» қәнигелигине 1 магистрант, жәми 6
магистрант оқыўға қабыл етилди. 2002-2003 оқыў жылында магистратура бөлимин
физика-математика илимлериниң кандидаты, доцент Б.Ибрагимов басқарды. Оқыўға
қабыл етилген магистрантлар менен институттың тәжирийбели
профессор-оқытыўшылары илимий-педагогикалық, илим-изертлеў жумысларын алып
барды ҳәм олардың магистрлик диссертацияларына басшылық етти. Магистрантлардың
барлығы оқыўын табыслы тамамлап, магистр академиялық дәрежесин алды. Олар
институттан шыққан биринши магистр «қарлығашлар» сыпатында Республиканың тәлим-
тәрбия мекемелеринде өзлериниң педагогикалық хызметлерин даўам етпекте. Олардан
өзимиздиң педагогикалық институтта
устазлары менен бир сапта Тажбенова Саўле – баслаўыш тәлим теориясы
кафедрасында ассистент оқытыўшы, Салатдинова Назлымхан – шет тиллер
кафедрасының ассистент оқытыўшысы лаўазымларында жумыс ислеп ҳәм илимий
жумысларын даўам етип атыр.
2005 жылға шекем Магистратура
бөлимине үш қәнигелик бойынша магистрантлар оқыўға қабыл етилген болса,
2005-2006 оқыў жылында 13 қәнигелик бойынша яғный «Математика», «Физика»,
«Биология», «Тарийх», «География», «Информатика», «Баслаўыш тәлим»,
«Педагогика», «Психология», «Қарақалпақ тили», «Қарақалпақ әдебияты», «Өзбек
тили», «Өзбек әдебияты», қәнигеликлери бойынша жәми 66 магистрант оқыўға қабыл
етилди ҳәм олар қәнийгелик кафедраларға бекитилди.
2006-2007
оқыў жылында магистратура бөлими өз алдына
бөлим болып шөлкемлестирилди. Магистратура бөлими шөлкемлескен күннен баслап
ҳәзирге күнге шекем педагогика илимлериниң кандидаты, доцент У.Сейтжанова
бөлимге басшылық етпекте.
Магистратура бөлими шөлкемлескен
күнинен баслап-ақ илимий-изертлеў жумысларына айрықша кеўил аўдарылды,
магистрантлардың илимий жумыс пенен шуғылланыўы ушын кафедралар, магистратура
бөлими тәрепинен барлық мүмкиншиликлер жаратылып берилди. Олар илимий
жумысларының жуўмақлары бойынша илимий-теориялық конференцияларда баянатлар
жасады, газета ҳәм журналларда, илимий топламларда мақалалары жәрияланып турды.
Магистратура бөлиминде оқытыўдың сапасын арттырыў, жаңа педагогикалық технологиялардан
пайдаланыў, профессор-оқытыўшылардың педагогикалық шеберлигин жетилистириў
мақсетинде жийи-жийи ашық сабақлар шөлкемлестирилип турды. Ашық сабақларға
профессор – оқытыўшылар, аспирантлар ҳәм магистрантлар қатнасты.
2007-2008 оқыў жылында Магистратура
бөлими «Педагогика» қәнигелигинниң
2
курс магистранты Амангул Турдымуратова «Президент стипендиясы» жеңимпазы болды.
2006-2007, 2007-2008, 2008-2009 оқыў
жылларында магистратура бөлимин тамамлаған магистрантлардан 25 тен асламы
институтта оқытыўшы етип жумысқа алынды.
Жумысқа алынған магистрлер ҳәзирги ўақытта устазлары менен бир сапта
турып педагогикалық хызмет ислеп атыр. Улыўма магистратураны табыслы тамалаған
магистрлерден 20 дан асламы ҳәзирги ўақытта магистрлик диссертация жумысларын
даўам еттирип Ташкент қаласында, ҚМУ, НМПИ, Өзбекстан Илимлер Академиясының
Қарақалпақстан филиалы аспирантураларында оқып өзлериниң илимий жумысларын
даўам еттирмекте. 2006-2007 оқыў жылында «Информатика» қәнигелигин питкерген
магистр Дәўлет Турдышев Воронеж мәмлекетлик Академиясына аспирантураға қабыл
етилди. 2007-2008 оқыў жылында жылы «Президент стипендия»сының жеңимпазы болған
«Педагогика» қәнигелигиниң магистри
Амангул Турдымуратова ҳәзирги ўақытта Ташкент Миллий университети
аспирантурасының
2 курсында оқып атыр
ҳәм илимий жумысларын жуўмақластырыў алдында турыпты.
2008-2009 оқыў жылында қарақалпақ
тили қәнийгелигин Қубла Кореядан келген магистрант Рю Юнг Минг қарақалпақ тили
қәнийгелиги бойынша магистратураны табыслы тамамлады. Бул магистрант өзиниң илимий
басшысы, филология илимлериниң кандидаты, доцент А.Пирниязова менен бирге
ислесип «Қарақалпақ ҳәм корейс тиллериндеги көмекши фейиллерди салыстырмалы
изертлеў» деген атамадағы магистрлик диссертациясын жоқары дәрежеде жақлап
шықты. Келешекте магистрлик диссертация темасын кандидатлық диссертация
жумысында даўам етиў ушын ол ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Илимлер Академиясы
Қарақалпақстан филиалы Нажим Даўқараев атындағы тил ҳәм әдебият институтының
қаракалпақ тили қәнигелиги бойынша аспирантурада оқып атыр ҳәм илимий
жумысларын терең изертлеп жумыс алып бармақта.
Сондай-ақ магистратура бөлиминде Хорезм, Бухара, Қашқадарья
ўәлаятларынан келип магистрантлар тәлим алып атыр.
Магистратура бөлими ҳәзирги ўақытта
Өзбекстан Республикасының жоқары оқыў орынлары
Өзбекстан Мәмлекетлик
жәҳән тиллер, Самарқанд мәмлекетлик,
Өзбекстан Миллий, Қарақалпақстан мәмлекетлик университетлери, Бухара, Қоқанд,
Самарқанд мәмлекетлик педагогикалық институтлары, Ташкент ахборот
технологиялары университети Қарақалпақстан филиалы менен үзликсиз байланыста.
Магистрантлар менен белгиленген «Руўхыйлық күн»лери халқымыздың белгили
илимпазлары, басшылары, шайырлары, мийнет ҳәм урыс ветеранлары менен ушырасыў
шөлкемлестириледи. Магистратура бөлиминде тәлим-тәрбияның сапасын арттырыў, илимий-педагогикалық
кадрларды жетилистириў жумысларын жәнеде жақсылаў мақсетинде ис-илажлар ислеп
шығылған.
Арнаўлы сыртқы бөлими
Арнаўлы
сыртқы бөлимге 2002-2003 оқыў жылынан баслап
«Баслаўыш тәлим ҳәм тәрбиялық ислери», «Мектепке шекемги тәлим» тәлим
бағдарлары бойынша талабалар қабыл етилди. 2003-2004 оқыў жылында 5 яғный
«Баслаўыш тәлим ҳәм спорт тәрбиялық ис», «Мектепке шекемги тәлим ҳәм балалар
спорты», «Мийнет тәлими», «Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы», «Дене
тәрбиясы ҳәм дене мәденияты» тәлим бағдарлары бойынша, 2004-2005 оқыў жылынан
баслап бес тәлим бағдарына қосымша «Музыкалық тәлим», 2006-2007 оқыў жылынан
баслап «Миллий ғәрезсизлик идеясы; ҳуқық ҳәм руўхыйлық тийкарлары» тәлим
бағдарлары яғный 7 тәлим бағдары бойынша
2231 талаба қабыл етилди.
2004-2005
оқыў жылында еки тәлим бағдары бойынша 86 талаба, 2005-2006 оқыў жылында бес
тәлим бағдары бойынша 214 талаба,
2006-2007 оқыў жылында алты тәлим бағдары бойынша 317 талаба, 2007-2008
оқыў жылында алты тәлим бағдары бойынша
405 талаба, 2008-2009 оқыў жылында болса жети тәлим бағдары бойынша 342
талаба, жәми арнаўлы сырткы бөлимди 2004-2009 жыллары 1364 талаба питкерип шықты
. 2009-2010 оқыў жылында 2-3 басқышларда 834
талаба тәлим тәрбия алмақта.
Арнаўлы
сыртқы бөлимди ашылған ўақтынан баслап 2006-жылға шекем п.и.к., доц. А.Пазылов,
2006-жылы т.и.д. профессор Я.Абдуллаева басқарды, 2007-жылдан усы кунге шекем
б.и.к., доц. П.Халмуратов басқарып келмекте.
Қарақалпақстан Республикасының
барлық районларындағы 16 таяныш мектеплеринде ҳәм 14 кәсип-өнер колледжлеринде,
2 академ лицейде хабар-ресурс орайлары дүзилген. Солардан 14 таяныш мектеплери
ҳәм 8 кәсип-өнер колледжлери, 1 академ лицей менен Нөкис мәмлекетлик педагогика
институтының арнаўлы сыртқы бөлими тарепинен еки тареплеме шәртнамалар дүзилди
ҳәм арнаўлы сыртқы бөлим талабаларының тәлим алыўлары ушын бәрше қолайлықлар
жаратылды.
Арнаўлы сыртқы бөлимдеги 7 тәлим
бағдарының оқыў режесиндеги барлық пәнлердиң оқыў-методик комплекслериниң
электрон вариантлары таярланды яғный мағлыўмат базалары жаратылды. СД-дискларға
жазылып районлардағы арнаўлы сыртқы бөлим талабаларына қолайлықлар жаратыў
мәқсетинде бул мағлыўмат базалары районлардағы «Хабар-ресурс орай»ларындағы
компьютерлерге өткизилди.
Бул
мағлыўматлардан талабалар толық пайдаланбақта. Арнаўлы сырткы бөлимниң барлық
талабаларына оқыў-методик комплекслериниң электрон версиясы жазылған СД-дисклер
тарқатылды.
Институттың «Хабар-ресурс
орай»ындағы оқыў әдебиятларының тәлим бағдарлары ҳәм курслар кесиминдеги
каталоги ислеп шығылған. Каталогтағы барлық мағлыўматлар «Kartoteka» электрон қыдырыў
каталогына киритилген. Бул күндизги бөлим
ушын жаратылған болса да, олардан арнаўлы сырткы бөлим талабалары да нәтийжели
пайдаланып атыр.
2008-2009 оқыў жылындағы арнаўлы
сыртқы бөлим питкериўшилери арасында 1
мектеп директоры, 2 балалар бақшасы басқарыўшысы, 1 жоқары категорияға
ийе, 23
1-категорияға ийе, 250
2-категорияға ийе оқытыўшылардың барлығы мақтаўға ылайық.
2009-2010 оқыў жылындағы 2-басқыш
талабаларынан 5 балалар бақшасы басқарыўшылары, 1
мектеп директоры, 3-басқыш талабалардан 2
балалар бақшасы басқарыўшысы, 1 мектеп директоры тәлим алмақта.
Ҳаял-қызлар кеңеси
Ҳаял-қызлар кеңеси 1990-жылы өз
жумысын баслаған еди. Ҳаял-қызлар Кеңестиң баслығы болып инглиз тили
кафедрасының оқытыўшысы С.Я.Вырва сол жылдан 1994-жылға шекем иследи. Буннан
соңғы жыллары филология илимлериниң кандидаты,доцент К.П.Сейтова бул ўазыйпаны
алып барды. 2000-жылдың февраль айынан баслап филология илимлериниң кандидаты,
доцент А.Пирниязова Ҳаял-қызлар кеңесиниң баслығы болып сайланды.
2001-жылдан
2004-жылға шекем Музыкалық тәлим кафедрасының оқытыўшысы А.Сабурова, сол жылдан
2005-жылға шекем философия илимлериниң кандидаты З.Сейтова, март айынан ҳәзирге
шекем доцент А.Пирниязова институт Ҳаял-қызлар кеңесиниң баслығы болып
жәмийетлик басламада ислеп атыр. Жәмәәтимиз Қарақалпақстан халық
муғаллими,Бердақ атындағы республикалық сыйлықтың лауреаты доцент
Қ.Даулетованы, Өзбекстан халық муғаллимлери Б.Оспанова, Р.Уснатдинова лар
мақтаныш етеди,
институтта жемисли
мийнет
еткен олар ҳәзирги ўақытта
ҳүрметли дем алыста.
2005-жылы
7-январь күни Институт Ҳаял-қызлар кеңеси тәрепинен «Өзбекстан илимпаз
ҳаял-қызларының илим-техника раўажланыўында тутқан орны» атамасындағы
илимий-әмелий конференциясы өткерилип,
оған 70ке жақын ҳаял-қыз аспирант, оқытыўшылар
баянат пенен қатнасты, оның
тезислери баспадан шығарылды.
2005-жылы
5- май күни ӨзР Ҳаял-қызлар Комитетиниң басламасы менен институтта «Балалардың
жаты болмас» атамасындағы жумсақ ойыншықлар акциясы өткерилди. Бул байрамға ӨзР
Ҳаял-қызлар Комитети баслығының орынбасары Н.Қ.Туреева, ҚР Ҳаял-қызлар Комитети
баслығы А.Жанибекова қатнасты. Студент қызлардың қолдан ислеген жумсақ
ойыншықлары Хожелидеги 3-санлы интернат балаларына саўға етип тапсырылды.
2006-жылы
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, Өзбекстан
Республикасы Беруний атындағы мәмлекетлик
сыйлықтың лауреаты Р.Есемуратова,ӨзР олий мәжлис депутаты, шайыра
Г.Аннаклычова, «Әмиў таңы» газетасының бас редакторы Н.Матякубова, шайырлар Г.
Нурлепесова ҳәм Н.Төрешова шайыр
менен
студентлердиң ушырасыў кешелери болып өтти.
2007-жылы март айында Өзбекстан
телевидениесиниң
"Қизлар
давраси"
көрсетиўине Нөкис
институттың филология факультетинен Ш.Романова, Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты
факультетинен Н.Тәжибаевалар қатнасып, олар
III орынды ийеледи
2008-жылы институтта «Жаслар жылы»на
бағышлап «Ҳаял-қызлардың илимдеги орны» атамасындағы республикалық
илимий-әмелий конференция шөлкемлестирилди, оған НМПИ ҳәм ҚР жоқары оқыў
орынларынан
130дан аслам ҳаял-
профессор-оқытыўшы қатнасты. Баянат тезислери топлам болып баспадан шықты.
Республикалық
Зульфия атындағы сыйлыққа ҳәр жылы ең зийрек, талантлы қызлар усынылмақта.
Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың қалалық ҳәм республикалық басқышларына
көркем өнер тараўы бойынша Тарийх факультетиниң студенткасы Ю.Қаландарова
қатнасып қайтты.
Институтта
бүгинги күнде 478
профессор-оқытыўшының 235и ҳаял-қыз,
солардан
9 кафедра баслығы, 2
факультет
деканы. Ҳаял-қызлардан 1 илим
докторы, 50 илим кандидаты студентлерге сабақ оқытып атыр.
Быйылғы
оқыў жылында 6002 студенттиң 3936сы қызлар , магистратура бөлиминде барлығы 140
магистр болып, солардың ишинде 90 қыз билим алып атыр.
Институт Ҳаял-қызлар кеңеси студент қызларда миллий ҳәм
адамгершилик пазыйлетлерине ҳүрмет ҳәм иззет көрсетиў,жәмийетлик орынларда
өзлерин тута билиў, эстетикалық ҳәм рухый дүньясы бай сезимлерди оятыўға
бағдарланған илажларды жоқары дәрежеде өткериўди шөлкемлестирип келмекте.
Институтта студентлердиң бос ўақытларын мазмунлы өткериў бойынша да жумыслар
әмелге асырылмақта. Талабалар турар жайы 275 орынлық болып,
бул жерде қызлардың бос ўақытларын нәтийжели
өткериў бойынша барлық шәрт-шәраятлар институт ректораты тәрепинен жаратылып
берилген. Студентлердиң өзин-өзи басқарыў шөлкеми болған Студентлер кеңеси,
Ҳаял-қызлар кеңеси менен биргеликте жумыс алып барады.
ӨзР
Жоқарғы ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, ӨзР Ҳаял-қызлар Комитети
ҳәм Өзбекстан «Камолот» ж.ж.ҳ. Орайлық Кеңесиниң 2008-жылы 23-декабрьдеги «Олий
таълим муассасаларида таҳсил олаётган талаба қизлар ўртасида олиб бориладиган
маънавий-ахлоқий тарбия ишларини такомиллаштириш тўғрисидаги» 375-санлы Қоспа
қарары бойынша институт
Ҳаял-қызлар
кеңесиниң баслығы Рухыйлық ҳәм әдеп-икрамлылық тәрбия мәселелери бойынша 1
проректордың жәмийетлик тийкардағы орынбасары болып есапланады.Бул бойынша
2009-жылы 7-январь күни ректордың 9/1 санлы буйрығы шықты. Усы ўақыттан баслап
институт Ҳаял-қызлар кеңеси министрлик тәрепинен таярланған үлги ис режеси
тийкарында ис илажлар ислеп шықты ҳәм соған муўапық жумыс алып барып атыр.
2009 -жылы 18- сентябрь күни ҚР
Жоқары оқыў орынлары арасында «Миллий липаслар» көрик таңлаўы болып өтти.
Институтта ҳаял-қыз
профессор-оқытыўшылардың
көп жыллық педагогикалық ҳәм дөретиўшилик
хызметлери есапқа алынып ҳүрметли атақларға миясар болды. Олар Сейтова К.П.,
Абдуллаева Я.- Қарақалпақстан республикасына хызмет көрсеткен халық
билимлендириў хызметкерлери атағына,
А..Пирниязова, У.Сейтжанова,
А.Аймурзаева, Р.Рзаева, З.Клычева, Ф.Утенова, А.Муратбаева, А.Надирова,
Г.Патуллаева, Ж.Валиева, Қарақалпақстан республикасы халық билимлендириў ағласы
атағын, Өзбекстан халық билимлендириў ағласы атағына Б.Юсупова, Р.Бекмуратова,
Т.Ешниязова, Қ.Калимбетова, С.Сайтбекова миясар болды.
Д.Бекимбетова Өзбекстан
республикалық «Нихол» сыйлығының лауреаты болып, ҚРна
мийнети сиңген артист атағын алды.
Институтта ең дәслеп «Жаслар аўқамы»
шөлкеми дүзилип 1991-1993 оқыў жылында А.Жуманазаров, 1993-1996 оқыў жылында
Қ.Аташов, «Камолот» қоры болып қайта аталған соң 1996-2000 оқыў жылында
М.Сарыбаев, 2001 жыл 25-апрель күни «Камолот» жаслар жәмийетлик Ҳәрекети болып
дүзилгеннен соң 2001-2002 оқыў жылында Ж.Әбдираманов, 2002-2007 оқыў жылында
А.Аланов, 2007-2008 оқыў жылында А.Ажиев, 2008-2010 оқыў жылында Қ.Өмирбаев,
2010-жылы 28-январь айынан баслап оны К.Гулимбетовлар басқарып келмекте.
1996-жылы институтымыздың «Камолот»
қоры жанынан талантлы ҳәм зийрек жасларды излеп табыў мақсетинде «Студент-шоу»
театр студиясы өз жумысын баслады.
1998-1999 оқыў жылында Өзбекстан
Республикасы «Камолот» қоры стипендиясын институтымыздың Өзбек тили ҳәм
әдебияты факультети студенти Жуманиязова Хайтбике жеңип алды.
1999-2000 оқыў жылында Өзбекстан
Республикасы Жоқары оқыў орынлары арасында «Қуўнақлар ҳәм Зийреклер» көрик
таңлаўында институттың «Туран» театр-студиясы Қарақалпақстанда биринши мәрте
Өзбекстан көлеминде 62 жоқары оқыў орынлары арасында II-орынды ийелеўге мияссар болып
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Өзбекстан Республикасы «Камолот»
жаслар жәмийетлик Ҳәрекети Орайлық Кеңеси «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланды.
2001-2002 оқыў жылында Өзбекстан
Республикасы Жоқары оқыў орынлары арасындағы студент жаслары фестивальинда
итституттың «Туран» театр-студиясы сыйлы II-орынды алыўға еристи.
2004-жылы 29-май – 2-июнь аралығында
Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы педагогика институттлары арасында
өткерилген «Талантлыларды излеймиз» атлы жанлы атқарыўшылық бойынша
көрик-таңлаўында институттың талантлы қосықшылары ҳәм «Тумарис» аяқ-ойын
ансамбли биринши орынды жеңип алды. Оларды көркемлик жақтан И.Жуманиязов ҳәм
балетмейстер Д.Ибрагимовалар таярлады.
2005-жылы
Өзбекстан Республикасы Жоқары оқыў орынлары арасында Ташкент қаласында
өткерилген «Гәзийне-2005» фольклор фестивальында «Туран» театр-студиясы
қатнасып сыйлы екинши орыны ийеледи.
2006 жылы 14-20-май аралығында
Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы жоқары оқыў орынлары арасында
өткерилген студентлер театр-студияларының
«Ниҳол-2006» жаслар фестивалында институттың «Туран» театр-студиясы
«Пәлектиң гәрдиши» атлы спектакли менен қатанасып сыйлы орынды ийелеўге мияссар
болды. Филология факультети студенти Д.Мадаминова «Ең жақсы ҳаял роли» номинациясын,
«Тарбиялық әхимийетке ийе ең жақсы спектакль» номинациясы ҳәмде
«Белсеңе қатнасқанлығы ушын» лауреатлық
дипломлары менен сыйлықланды.
2007-2008 оқыў жылында Өзбекстан
РеспубликасыЖоқары оқыў
орынлары арасында Ташкент қаласында өткерилген «Қуўнақлар ҳәм
Зийреклер» көрик-таңлаўының финал басқышында
«Туран» театр-студиясы сыйлы II-орынды жеңип қайтты.
2007-2008 оқыў жылында Самарқанд
қаласында болып өткен «Талабалар баҳори 2008» республика студент жаслары
фестивалында Шет тиллер факультети студенти Ибадуллаева Саёра «Фухаролик
қурулиш жамиятин барпо этиш» номинациясы бойынша жеңимпазы болды. Институттың
«Туран» театр-студиясы усы фестивалдағы «Ниҳол» талабалар театр тамашалары
фестивалында «Той десе қуўбас жумалайды» атлы спектакли менен қатнасып «Ең
жақсы драматургия ушын» номинациясын жеңип алыўға мияссар болды ҳәмде
«Қуўнақлар ҳәм Зийреклер» көрик-таңлаўларында ең жақсы белсеңе қатнасыўшысы
деген айрықша дипломы менен Өзбекстан Республикасы «Камолот» жаслар жәмийетлик
Ҳәрекети Орайлық Кеңеси тәрепинен сыйлықланды.
2008-2009 жыллары институтымыздың
«НМПИ» футбол сайланды командасы қатарасына еки жыл даўамында Қарақалпақстан
Республикасы чемпионатында биринши орынды ийелеп, алтын медаль жеңимпазылары
болды.
2009-жылы 8-10 май кунлери Өзбекстан
республикасы Мәденият ҳәм спорт ислери министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген
Бел алыў гүреси бойынша естелик халықаралық турниринде «100» килограмм
аўырылқта Дене Тәрбиясы факультети студенти Абдихаликов Айбек биринши орынды
ийелеп I-дәрежели диплом менен сыйлықланды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң
ҳәр жылы жас дөретиўшилер ушын шөлкемлестирилген «Ниҳол» сыйлығын
институтымыздан 2001-жылы Мақсет Өтемуратов, 2002-жылы Дильфуза Бекимбетова,
2008-жылы Рашид Хожасов ҳәмде 2009-жыл шет тиллери факультети студенти Гулбар
Абиповалар жеңимпазы болды.
·
институттың
Өзбекстан Республикасы
халық билимлендириў ўәзирлигиниң ҳәмЖоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў ўәзирликлери
менен электрон почта
байланысының үзликсиз ислеп турыўын тәмийнлеў;
·
институт
Internet
тармығының үзликсиз ислеп турыўын тәмийнлеў;
Институт
бойынша оқытылатуғынпәнлерденлекциятекстлериниң
электрон версияларыжаратылып, гиперссылка ҳалатына келтирилди. Лекция
текстлери латын әлипбесине көширилди.
Институт
ZiyoNET порталына 2005-жылы май айынан баслап байланыстырылды.
Институттың
интернетдаги веб-сайты усы жылы қайтадан жаңаланды ҳәм
www.ndpi.uz
домен ZiyoNET порталынан дизимнен өткерилди. Веб-сайт үш тилде өзбек, рус,
инглис тиллеринде жаңадан толықтырылды.
Усы
күнге шекем 400 ге жақын институт профессор-оқытыўшылары тәрепинен таярланған
оқыў қолланбалар, лекция текстлери, тестлер, лаборатория жумыслары, методикалық
қолланбалар, монографиялардың электрон версиялары ZiyoNET тәлим
порталы китапханасына жайластырылған.
Институт
бойынша 2009-2010-оқыў жылында пәнлер бойынша лекция текстлериниң II-дәрежели
электрон қолланбаларын жаратыў кең жолға қойылды. Усы электрон қолланбаларды
жаратыўда лекция текстлери, оқыў қолланбалары ҳәм оқыўлықлар тийкар қылып
алынды. Ҳәр бир ЭҚда тема бойынша билимлерди беккемлеў мақсетинде 10 данадан
артық гиперссылкалар
пайдаланылады.
Электрон қолланбалар компьютерлерге ҳәм арнаўлы компакт дисклерге жазылып
информациялық ресурс орайларына көширип берилди.
-
Жетиспейтуғын ҳәм аз санда болған оқыў әдебиятлары ўәзирлик рухсаты менен
122
атамадағы оқыў әдебиятлары 705
нусқада көбейттирилип оқыў залларына қойылды. Жәми 259 атамадағы әдебиятлардың
электрон версиялары ислеп шығылды.
-
Республика жоқары оқыў орынлары тәрепинен ислеп шығылған 2053 лекцияға ийе
болған “AILS” мағлыўматлар базасы жайластырылған.
Руўхыйлық
күнлеринде үлкен мәжилислер залында ҳәр қыйлы темадағы, миллий ғәрезсизлик
идеясын енгизиўши фильмлер қойып берилип келинбекте.
2009-2010
оқыў жылында ҳәр бир оқытыўшы еки мәрте ашық сабақ (ОД) өтиўи реже тийкарында
алып барылмақта. Усы ашық сабақлар информациялық ҳәм педагогикалық
технологияларды кең пайдаланыўға мүмкиншилик бермекте. Усы күнге шекем оқыў
пәнлериниң 40%ке жақыны, яғный 300 ге дейин II-дәрежели гиперссылкаға
тийкарланып,
ислеп шығылды.
Усылардан
тысқары информациялық технологиялар орайында
200 ден артық илимий жәмийетлик-ғалабалық
ҳәм
оқыў фильмлери, 100 ден аслам мультимедиа оқыўлықлары сабақ барысында
пайдаланылмақта.
ZiyoNET порталынан ҳәм Интернет китапханалардан зәрүр
ҳәм жетиспейтуғын оқыў әдебиятларынан 300 ге жақыны көширип алынып, олар
арнаўлы дисклерге жазып қойылды.
Prezident dokladlari
1. Mamlakatimizni modernizatsiya qilish va kuchli fuqarolik
jamiyati barpo etish – ustuvor maqsadimizdir