«Спорт-саламатластырыў, ўатансүйўшилик
ҳәм экология мәселелери» бойынша
Аяпов
Саламат
4-курс Дене тәрбиясы факультети
ФАКУЛЬТЕТ
ЖЕТЕКШИЛЕРИ
№
Факультет
Жетекши
Курс
1
Баслаўыш
тәлим методикасы
Шамуратов
Ильхам
3-курс
2
Мектепке
шекемги тәрбия
Алламбергенов
Арслан
3-курс
3
Шет
тиллери
Нагимов
Таран
4-курс
4
Физика
Математика
Қурбанов
Файзрахман
3-курс
5
Тарийх
Сейдаметов
Сержан
3-курс
6
Тәбияттаныў
Қурбанбеков
Сағындық
4-курс
7
Филология
Матжанов
Шерали
4-курс
8
Дене
тәрбиясы
Аяпов
Саламат
4-курс
9
Қарақалпақ
тили ҳәм әдебияты
Тасполатов
Рустем
4-курс
10
Магистратура
Джумагельдиев
Неъмат
2-курс
Ҳәзирги күнде,
институт
басланғыш шөлкеми өзиниң жетискенликлери менен мақтанса арзыйды:
«Камолот» жаслар
жәмийетлик Ҳәрекетин қоллап қуўатлаў ҳәм оның жумыс нәтийжелигин буннан былайда
асырыў ҳаққындағы 2006-жыл 10-октябрьдеги Өзбекистан Республикасы Президентиниң
ПҚ – 486 санлы қарарына муўапық өткен дәўир аралығында институт басланғыш
шөлкеми тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылып келмекте. Басланғыш
шөлкемниң негизги мақсети жасларды бирлестириў, саламат турмыс талаплары
тийкарында тәрбиялаў, жәмийетте мүнәсип орнын ийелеўге көмеклесиў, олардың
мәплерин қорғаў, жаслардың өз ақылы, күш-ғайратын толық әмелге асырыў ушын
шәрт-шараятлар жаратып бериў, жас әўлаттың таянышы ҳәм сүйениши болыўынан
ибарат. Атап айтқанда жаслардың алдында турған машқалаларды шешиў, олардың
мәдений дәрежесин, ҳуқықый билимлерин арттырыўға қаратылған ғалаба илажлар,
түрлише көрик-таңлаўлар ҳәм ушырасыўларды шөлкемлестириў, студент жаслар
арасында «Камолот»тың жумысын үгит нәсиятлаў менен байланыслы бир қатар
жумыслардың исленгенлигин айтыў тийис.
«Камолот» жаслар жәмийетлик Ҳәрекетиниң ишки
жумысларына тийисли мәселелер, Ҳәрекет Нызамы, Орайлық Кеңес Атқарыў Комитети,
Ҳәрекеттиң жоқары мәкемелери тәрепинен тастыйықанған қарарлар талаплары
тийкарында ҳүжжетлер менен ислеў, оларды өз ўақтында толық орынлаў бойынша
ислерди әмелге асырып келмектемиз. Кеңес мәжлиси айына бир мәрте өткерилип,
онда институттағы басланғыш шөлкем ағзаларына тийисли мәселелелер қаралып
шығады.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик
педагогикалық институты «Камолот» жаслар жәмийетлик Ҳәрекети басланғыш
шөлкемине 2011-2012 оқыў жылында
4982
жас студентлер ағза болдып, соннан мәмлекетлик грант тийкарында 2190,
төлеў-контракт тийкарында 2853 студент тәлим алмақта. Институт басланғыш
шөлкеминде тоғыз бағдар бойынша кеңес ағзаларымыз ҳәмде ҳәр бир факультетте
жетекшилеримиз жумыс алып бармақта. Жәнеде ҳәзирги күнде басланғыш шөлкеми
жанында дүзилген сегиз клуб ҳәм секциялар жумыс алып бармақта, оларды атап
өтетуғын болсақ «Туран» театр-студиясы, «Тумарис» ансамбли, «Зыялы жаслар»,
«Жас пасбанлар», «Иқтидорли қизлар», «Шебер қоллар», «Стол тенниси» ҳәмде
«Шахмат-шашка» клублары ис алып бармақта. Студент жасларымыз басланғыш шөлкем
менен тығыз байланыста болып, өзлериниң қызығыўшылықлары бойынша басланғыш
шөлкем жанындағы ҳәр түрли клуб, дөгереклер ҳәм секцияларға ағза болып
келмекте. Институтымыз студент жаслары өзлериниң ўақытларын бийкар жибермей, өз
ўақытларын басланғыш шөлкем
менен
биргеликте ҳәр қыйлы ис-илажлар, ушрасыўлар, семинар-тренинглер шөлкемлестирип
келмекте. Қарақалпақстан телерадио компаниясы менен биргеликте «Билим ринг»,
«Интеллектуал ринг» теле ойынларын өткерип келмекте. 2010-жыл жуўмағы бойынша институт
басланғыш шөлкеми Бухара қаласында Өзбекстан
Республикасы жоқары оқыў орынлары арасында өткерилген «Талабалар фестивали»нда
ҳәмде Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрипенен «Ең үлгили басланғыш
шөлкем» номинациясы жеңимпазы болыўға мияссар болды.
Ҳәр қыйлы байрам кешелеринде басланғыш шөлкем
факультет деканатлары менен биргеликте институттың қәўендерлигиндеги №3 санлы
Республикалық жәрдемши мектеп-интернаты тәрбияланыўшыларынан хабар алып
балалардың кеўилин көтериў, бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде
ушырасыўлар, концерт бағдарламаларын шөлкемлестирип ҳәмде қымбат бахалы
саўғалар тапсырып келмекте. Студентлердиң оқыўды өзлестириўи, сабақларға
қатнасыўы, жәмийетлик жумысларға белсене қатнасыў мәселелерин үйрениў, оқыў
орны Илимий Кеңесине усыныслар бериў, студентлер үйиндеги жасаў шараятлары,
руўхый ҳәм материаллық тәмийинлеў, коммунал хызметлери, аўқатланыў ҳәм басқада
түрли жағдайларды үйрениў бойынша айтарлықтай ислер әмелге асырылды.
Мысал етип айтатуғын болсақ, 2010-2011 оқыў жылында кем
тәмийнленген, ата-анасынан айрылған ҳәм нәгиран студент жасларды мораллық,
материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде шәртнама тийкарында оқып атырған
17 студентке контракт суммасына еки минимал айлық муғдарында пул өткерилип
берилди яғный басланғыш шөлкеми тәрепинен 1.652.000 (бир миллион алты жүз елиў
еки мың) сўм пул ажыратылды.
Басланғыш
шөлкем бойынша «Ең жақсы жәрдемши топар», «Ең жақсы басланғыш шөлкеми», «Ең
жақсы, белсенди жетекши», «Ең белсенди Камолотшы», «Ең жақсы факультет
басланғыш ханасы» атамаларында көрик-таңлаўлар өткерилиў арқалы өз
жумысларымызды жақсы жолға қойып, бир қанша жетискенликлерге еристик. Мысалы
ретинде атап өтсек 2011-жыл 17-18 апрель күнлери «Камолот» жаслар жәмийетлик
ҳәрекетине 10 жыл толыў мүнәсибети менен спорттың футбол түри бойынша
факультетлер арасында «Камолот кубоги» жарысы жәнеде институт мәжилислер
залында факультет белсенди жетекшилери арасында «Камолот – бул мен, бул сен,
бул биз» атлы таңлаўлар шөлкемлестирилди.
Талантлы жасларды
қоллап-қуўатлаў бойынша бир қанша ислер алып барылмақта. Мысалы: 2011-жыл
10-апрель күни институтимыз «Зыялы жаслар» клубы ағзалары Ташкент қаласында
болып өткен «Заковат»
VI
фестивалында қатнасып сыйлы
III
орынды алып қайтты. Усы күнге дейин институтымызда 5 президент стипендиаты, 23
Алишер Наўайы атындағы, 11 Улуғбек атындағы, 4 Беруний атындағы жане басқада
мәмлекетлик стипендия жеңимпазларына ийе. 2011-2012 оқыў жылында 1 студентимиз
Президент стипендиаты, 2 студентимиз Навой, 1 студентимиз болса Улуғбек,
атындағы мәмлекетлик стипендия жеңимпазлары болды.
Бундай жоқары дәрежедеги сыйлыққа
басланғыш шөлкем жумысларында әмелге асырған
нәтийжели ислери ҳәм өзлериниң билимлиги ушын ылайықлы деп табылды.
Президентимиз
тәрепинен шөлкемлестирилген «Ниҳол» сыйлығының жеңимпазлары Махсет Утемуратов, Дильфуза
Бекимбетова, Рашид Хожасов ҳәмде
Гулбар
Абиповаларды атап өтсек болады.
Институтымыз
жаслары Республикамызда өткерилип улыўмахалықлық
байрам кешелеринде өзлериниң белсендилигин
көрсетип келмекте. Атап өткенде А.Рипназаров басшылығында «Тумарис» аяқ-ойын
ансамбли Самарқанд қаласының 2750 жыллығында, «Шарқ таронаси-2011» фестивалында
және Ташкент қаласы «Туркистон» сарайында өткерилген 1- октябрь «Устозлар ва
мурабийлар куни» не бағышланған байрамларда қатнасып, өзлериниң белсендилигин
көрсетип келмекте. «Тумарис» аяқ-ойын ансамбли республикадмызда өткерилетуғын
Ғәрезсизлик, Наўрыз байрамлары, Конституция күни ҳәм басқа байрам тәдбирлерде
қатнасып келмекте.
Институтымыздың «Туран»
театр-студиясы республикамыз Жоқары оқыў орынлары арасында ҳәр жылы дәстүрге
айланған «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» көрик танлаўларында белсеңе қатнасып сыйлы
II-
III орынларды ийелеп айрықша дипломлар менен
сыйлықланып келмекте. Ҳәр еки жылда бир мәрте өткерилетуғын «Ниҳол» жаслар
фестивалында командамыз белсене қатнасып келмекте. 2008 жылы май айында
Самарқанд қаласында өткерилген «Талабалар бахори» фестивалында
«Той десе қуўбас жумалайды» атлы сахналық
көриниси менен фестивалдың «Энг яхши драмматургик асар» деген номинациясын
жеңип алыўға мияссар болды. 2010-жыл 19-ноябрь күни Бухара қаласында «Талабалар
фестивали» көлеминде жоқары оқыў орынлары арасында
болып өткен «Қуўнақлар ҳәм зийреклер»
көрик-таңлаўында «Туран» театр-студиясы сыйлы 1-орынды ийелеп кубок жеңимпазы
болды.
Спорт
ҳәм дене тәрбия тараўында, жаслар арасында үгит нәсият
жумысларын алып барыў бойынша белгили
дәрежедеги нәтийжелерге еристик. Спорт тараўына институтта итибар жүдә күшли.
«Универсияда-2007» спорт жарысының волейбол бойынша чемпионы институтымыздың
сайланды қызлар командасы ҳәр жылы өткерилип киятырған Өзбекстан Республикасы жоқарғы
лигасында қатнасып сыйлы орынларды жеңип келмекте. Футбол бойынша
Қарақалпақстан Республикасы чемпионатында жеңимпазлар қатарында қатнасып
киятырған
институтың «НМПИ» футбол
сайланды командасы қатарасына үш жыл даўамында 2007, 2008 ҳәм 2009 жыллары
алтын медалды қолға киритти.
2011-жыл «Бунёдкор» студентлер мийнет
ҳәрекети искерлигин жолға қойыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң
2011-жыл 6-апрельдеги «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 20 жыллығын
белгилеўге таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы ПҚ-1516-санлы қарарының
тийсли бәндлериниң орынланыўнын тәмийнлеў ҳәмде Өзбекстан Республикасы Жоқары
ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2011-жыл 17-майдағы 81-01-113
санлы хаттын орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде Әжинияз атындағы Нөкис
мәмлекетлик педагоги
калық институты студент жасларын материаллық ҳәм
социаллық тәрептен қоллап-қуўатлаў, жазғы дем-алыс ўақытларын бос өткермей
оларды пайдалы мийнет пенен тәмийнлеў, жумыссыз жасларды ўақтынша жумыс пенен
тәмийнлеў ҳәмде қосымша дәрамат алыў имкәниятын жаратып бериўде институт
студентлеринен «Бунёдкор-2011» студентлер мийнет ҳәрекетин шөлкемлестирилди. Ҳәр жылы институт студенлериниң өз қәлеўлери менен қәлеген жумыс орнында
пайдалы мийнет пенен шуғылланып қалмастан Нөкис қаласы ҳәм республикамызда бой
тиклеп атырған қурылыс ислеринде, аўыл хожалық ислеринде өзлериниң
ўатансүйўишилигин көрсетип перзентлик көмеклерин берип келмекте. Бул студент
жаслардың дем алыў ўақытларын мазмунлы өткериўи ушын басланғыш шөлкем
белсендилери тез-тез хабар алып, студент жаслардың тилек өтинишлерине қарап
китапхана, руўхыйлық ханаларын, спорт ойынларын, концерт дәстүрлерин
шөлкемлестирип келмекте. «Заманымыз қаҳарманлары» атамасында институтымыздың
атақлы мәмлекетлик стипендиатлар ҳәм спортшылары, «Нихол» сыйлығы жеңимпазлары
менен ушырасыўлар шөлкемлестирилмекте.
Жәнеде «Бунёдкор» студентлер мийнет ҳәрекети ағзаларының интеллектуал
қәбилиетин асырыў мақсетинде институт басланғыш шөлкеми жанында дүзилген «Зыялы
жаслар» клубы ағзалары менен биргеликте ҳәр түрли интеллектуал ойынлар
шөлкемлестирилип берилмекте.
Басланғыш шөлкем тек
ғана өз жумысын ислеп қалмастан басқа шөлкем, кәрханалар, әскерий бөлимлер
менен биргеликте жумыслар алып бармақта. Әскерий бөлимлерде байрам концертлери,
интеллектуал ойынлар өткезилип барылмақта. Ишки ислер бөлимлери, медецина
хызметкерлери менен тез-тез ушырасыўлар шөлкемлестирилип, жасларымыз арасында
жынаятшылық ҳәм ҳәр түрли жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў бойынша мәсләхтлар
берилип келмекте.
Өзбекстан
Республикаси Президентиниң
2005-жыл
31-октябрьдеги ПҚ-213-санлы «Ўзбекистон Республикаси Қуролли Кучлари сафида
муддатли ҳарбий хизматтаги ҳарбий хизматкорларга бериладиган имтиёзлар тизимини
янада ривожлантириш чора-тадбирлари тўғрисидаги» қарарына тийкарланып
институтимызға мүддетли әскерий хызметти өтеп жеңилликлер тийкарында оқыўға
кирген студентлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап, оларды жәмийетлик жумысларға
көбирек тартыў ислери алып барылмақта. Оқыўға шәртнама тийкарында қабыл етилген
студент жасларға ҳәр жылы «Камолот» жаслар жәмийетлик Ҳәрекети Орайлық Кеңеси
тәрепинен 35% муғдарында контракт пулы төленип келинбекте. Бул бойынша
2010-2011 оқыў жылында 127 студентге контракт пулын өткизип берилди. Мүддетли
әскерий хызметти өтеп жеңилликлер тийкарында оқыўға кирген студентлерден «Жас
пасбанлар» клубы шөлкемлестирилип, олар байрам күнлери институтқа тийисли
болған имәратлардың қәўипсизлигин тәмийнлеўде нәўбетшилик етип жақыннан жәрдем
берип келмекте. Жәнеде айтып өтетуын болсақ бул студентлер арасында ҳәр қыйлы
факультетлерара спорт жарыслары жәнеде Арқа-Батыс әскерий округи менен
биргеликте ушырасыўлар, көрик таңлаўлар өткерилип келмекте.
Талабалар турар
жайында туратуғын студентлердиң бос ўақытларын мазмунлы өткериў жаслардың
интеллектуал қәбилетин асырыў, талантлы жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде
атақлы инсанлар менен ушырасыўлар, ҳәр қыйлы жарыслар, көрик таңлалар өткизилип
барылады. Усы жылдың 4-март күни басланғыш шөлкеми тәрепинен талабалар турар
жайы қызлары арасында дослық қарым-қатнасын еледе беккемлеў мақсетинде
«Талабалар турар жайы – дөретиўшилик ҳәм дослық мәканы» атамасындағы таңлаў
болып өтти. Және айтып өтетуғын болса студент-қызларымызды қоллап-қуўатлаў
мақсетинде 8-
март Халық аралық
хаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен факультетлер арасында «Қанекей, қызлар»
атамасындағы таңлаў болып өтти. Институт «Камолот» жаслар жәмийетлик Ҳәрекети
басланғыш шөлкеми ректорат ҳәмде факультет деканатлары менен биргеликте
талабалар турар жайы студентлериниң жасаў шәраятлары менен тез-тез хабар алып
турады.
Усы
жумыслардың әмелге асырылыўында институт «Камолот» жаслар жәмийтлик ҳәрекети
басланғыш шөлкеми бас қаўендери болып келмекте.
Бундай
нәтийжелердиң тийкарғы тәрепи басланғыш шөлкем белсендилериниң өз жумысына
садықлығын ҳәм мийнетгешлигиниң нәтийжесинде көринеди.
Келешекте
басланғыш шөлкем ағзалары менен еледе тығыз байланыста болып оларға
ҳақыйқый таянышы ҳәм сүйениши болыўға исеним билдиреди.